Бүгинги күнде өсип киятырған жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик, кәмил инсан етип тәрбиялаўда олардың саўатлылығын арттырыў менен бирге, халқымыздың бай тарийхы ҳәм мәдений мийраслары менен таныстырыў, руўхый жақтан раўажландырыў, дүньяға көз-қарасын кеңейтиў де әҳмийетли болып есапланады.
Усы мақсетте Беруний районындағы улыӯма орта билим бериӯ мектебиниң бир қатар оқыўшылары ушын И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхаты шөлкемлестирилди.
Саяхат даўамында оқыўшылар қарақалпақ халқының миллий қәдириятлары, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген экспонатларды тамашалап, қәнигелерден музей экспонатлары ҳаққында кең түрде мағлыўматлар алды.
Әлбетте, музейлер ҳәр бир халықтың өтмишинен бүгинги күнине шекем сақланып киятырған шежиреси есапланады. Олар арқалы халықтың тарийхын, дәўирдиң руўхын сезиўимиз мүмкин. Жасларды ана Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы орны шексиз болып есапланады.
Саяхат оқыӯшыларда үлкен тәсир қалдырды
.