Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

АҚШ ҳәм Англияға оқыўға кирген болажақ журналист

15 февраль 2023 йил
image

Елимизде шет тиллерин үйренип, өз билимлерин жетилистирип, сырт еллердеги жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырып, белгиленген имтиханлардан табыслы өткен ҳәм мүддетинен алдын студентлик бахтына ерисип атырған жаслар жүдә көп. Шымбай районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 15-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Дилара Салиева да әне усындай жаслардың бири. Ол 17 жасында сырт еллердиң бир қанша абырайлы жоқары оқыў орынларына грант тийкарында қабылланды.

Дилара  Жаслар аўқамында сәрдар ўақытынан баслап-ақ, көплеген жетискенликлерге еристи. Таңлаўлар ҳәм  беллесиўлерден қалмай қатнасып, бирқанша жарысларда сыйлы орынларды ийеледи. Инглис тилине қызығыўшылығы себепли, өткен жылдың февраль айынан баслап тил билиў дәрежесин белгилеўши сертификат алыў мақсетинде пайтахтымыздағы Stanford оқыў орайында таярлана баслады. Август айынан баслап  жеке өзи  таярлана баслаған Дилара сентябрь айында IELTS имтиханын тапсырып, 7 балл алыўға миясар болды ҳәм  АҚШтың The university of Arizona, The University of Whithworth, the university of Colorado, Англияның The city university of London ҳәм Widener университетлериниң журналистика ҳәм сиясат қәнигеликлери бойынша 364.000$ грантын жеңип алып оқыўға қабылланды. Бүгинги күнде Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги жанында шөлкемлестирилген Жас мәсләҳәтшилер Кеңесиниң волонтёры ҳәм “NationWidespread” жобасының админстраторы болған қаҳраманымыз шет елде билим алып, жақсы нәтийжелерге ерисиўди ҳәм ўатанына қайтып, Қарақалпақстан телевидениесин раўажландырыўды мақсет етпекте. “Күшли инсан болыў ушын әззиликтен азап шеккен адам ҳеш қашан сынбайды” деген сөзди өзине сүрен еткен Дилара бул дәрежеге жетиўинде ата-анасының ҳәм инглис тили муғаллими Алфия Қудайбергеновалардың мийнети көп, деп есаплайды.

-Журналистика тараўын таңлаўым ушын көп ўақыт керек болмады. Мен өмиримди бир жерде отырып өткериўди қәлемеймен. Мәмлекетимизде 4-ҳәкимият деп тән алынған бул бағдарды сырт ел тәжирийбелерине сүйенип еле де раўажландырыўды қәлеймен-дейди болажақ журналист.

Дилара Салиева ҳәзирги ўақытта жаңа жойбарлар бойынша излениўлер  алып бармақта.

Гулчеҳра Айтмуратова,

Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm