Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Бир дәўирдиң еки ойшылы

11 февраль 2023 йил
image

 Орта әсирлер тарийхында уллы шайыр ҳәм жәмийетлик ғайраткер Мир Әлийшер Наўайы менен уллы сәркарда, патша ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммад Бабурдыӊ тутқан орны айрықша болып табылады. Бул уллы тулғалар бүгинги күни пүткил елимиздиӊ мақтанышы десек, асыра айтқан болмаймыз.

 Нөкис районы халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 4-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде түркий халықлар әдебиятының көрнекли ўәкили, өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы,  шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылғанына 582 жыл ҳәм уллы шайыр, энциклопедист алым, мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер сәркарда Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 540 жыл  толыўы мүнәсибети менен көркем-әдебий кеше болып өтти.

Кешеде мектеп директоры М.Сарыбаев ҳәм руӯхый-ағартыӯшылық ислери бойынша директор орынбасары Н.Бекмуратовалар шығып сөйлеп, Наўайы ҳәм Бабурдың өмири, дөретиўшилиги, дүнья әдебиятында тутқан орны, келешек әўладларға қалдырған бийбаҳа мийраслары ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде айтып берди.

Соңынан Наўайы ҳәм Бабур дөретпелери бойынша мектептиӊ талантлы оқыўшылары тәрепинен шайыр шығармаларынан үзиндилер оқылып, қысқа сахналық көринислер қойып берилди.

 

Оқыўшылардың бул әдебий кеше даўамында атқарған қосықлары менен сахналық көринислери оқыўшылардың бул еки уллы тулға дөретиўшилигин жақсы үйренгенлигиниң бир мысалы болды. 

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm