Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Фин билимлендириў системасы дүньядағы көплеген мәмлекетлердиң итибарын өзине тартпақта.

11 февраль 2023 йил
image

Финляндия халықаралық көлемдеги баҳалаўда өз жетискенликлери менен ажыралып турады. PISA бағдарламасы  2000-жылы шөлкемлестирилгеннен берли Финляндия онда турақлы қатнасып келмекте ҳәм ерискен нәтийжелери менен фин билимлендириў системасы дүньядағы көплеген мәмлекетлердиң итибарын өзине тартпақта.

 АЛ, БУНДАЙ НӘТИЙЖЕЛЕРГЕ ФИНЛЕР ҚАЛАЙЫНША ЕРИСПЕКТЕ?

Олардың билимлендириў системасын үйрениў Финляндия мектеплериниң оқыў бағдарламалары балаларға берилип атырған ҳәр қандай билимлерди әмелиятқа қандай ҳәм қай жерде қолланыўды үйретиўге, оларды дөретиўшилик ҳәм еркин пикирлеўге бағдарлайтуғынын көрсетеди.

Екинши әҳмийетли тәрепи сонда, Финляндия пән бағдарламаларында өз-ара тең салмақлылық оғада жақсы тәмийинленген. Мәселен, бир класста географиядан Азия мәмлекетлери өтилсе, сол ҳәптеде биологиядан да Азияда өсетуғын өсимликлер, тарийхтан да Азия халықларының тарийхы, математикадан да Азияға байланыслы мағлыўматлардан ибарат мысаллар бериледи.

Үшинши әҳмийетли тәрепи – муғаллимлердиң жоқары потенциалға ийе екенлиги фин билимлендириў мәкемелериниң табысқа ерисиўдеги гезектеги әҳмийетли факторларынан бири есапланады. Финляндияда муғаллимшилик етиў ушын кеминде магистр дәрежесине ийе болыў керек.

Финляндияда ең жақсы мектеп, бул жасаў орнына ең жақын жайласқан мектеп болып есапланады.

 ️Бул факторлар Финляндия билимлендириў системасын пүткил дүньяға танытыўға ҳәм халықаралық рейтинглеринде жоқары орынларды ийелеўге хызмет етпекте. 

 Сондай-ақ, Финляндия мектеплериниң өзине тән өзгешеликлерине итибар қаратсақ.

1.  Финляндияда мектеплердиң аймағы қоршалмайды, кириӯ бөлиминде қәӯипсизлик жоқ. Көпшилик мектеплерде кириӯ есигинде автоматлы қулыплаӯ системасы орнатылған.

2.  Партада отырыӯ улыӯма мәжбүрий емес, бала қәлесе, гилемде отырып та сабақ өтиӯи мүмкин. Ең баслысы балаға қолайлы болса, болды. Айырым мектеплерде класс ханалары диванлар ҳәм креслолар менен тәмийинлеген. Баслаӯыш мектеп имаратлары гилем ҳәм гилемшелер менен қапланған.

3.  Мектеп форма улыӯма жоқ. Ким қандай кийим кийиӯди қәлесе, солай кийинеди. Ҳәтте оқытыӯшылар ушын да арнаӯлы бирден-бир форма енгизилмеген.

4.  Жыллы ҳаӯа райы шараятында сабақлар көбинесе ашық ҳаӯада, шөпликлерде ямаса амфитеатр тәризиндеги арнаӯлы скамейкаларда өткериледи.

5.  «Доскада» оқытыӯ қолланылмайды. Балаларды материалды қайта айтып бериӯге мәжбүрлемейди. Оқытыӯшы сабақтың улыӯма мазмунын қысқаша айтып береди, соңынан оқыӯшылар ортасында жүрип, оларға жәрдем береди ҳәм орынлап атырған ӯазыйпаларды қадағалайды. Жәрдемши оқытыӯшы ҳәм тап сондай қылады.

6.  Дәптерге қәлем менен жазыӯ ҳәм қәлегенинше өшириӯ мүмкин. Буннан тысқары, оқытыӯшы тапсырманы қәлем менен тексереди.

7.  Ата-аналардан перзентлери ушын мектепке таярлық көриӯи талап етилмейди. Баланың папкасынан баслап кепкасына шекем мектеп тәмийинлейди.

8.  «Сизиң перзентиңиз жүдә әжайып, биз ол менен тил таӯысып кетиӯимизге исенимим кәмил» ҳәмме фин оқытыӯшыларының тилинде усы гәп.

9.  Оқытыӯшының бирден-бир сораӯы: Перзентиңизге жетерлише ӯақыт бөлип атырсыз ба? Егер жуӯап яқ болса, сизди мектеп психологи менен ушырасыӯға усынады.

10.  Оқыӯшылар өзи не жейтуғынлығын мектеп сайты арқалы бир күн алдын хабар береди. Мәселен, айырым балаларға майлы аӯқат мүмкин емес. Бәршесине сиз өзиңиз алдыннан бӯйрытпа бересиз.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm