Янгиликлар
Не ушын Финляндия билимлендириӯ системасы бәршениң итибарында?
11 февраль 2023 йилКөпшилик Финляндия билимлендириӯ системасын мақтайды, дерлик ҳәмме бул мәмлекеттиң билимлендириӯин аӯзынан пал тамып сөйлейди. Хош, бул мәмлекет неси менен билимлендириӯде жетекши орында?
Финляндияның жетекши орынға шығып кетиӯи, тек халық аралық педагоглар жәмийетин ғана емес ал, жәҳән ғалаба хабар қуралларын да ҳайран қалдырған.
Финляндияда 1970-жылы пайда болған 9 жыллық мектеплер 2001-жылға шекем жәмийетшиликтиң аяӯсыз сын көзқарасына дуӯшар болған. Бирақ, 2001-жыл декабрь айынан соң билимлендириӯдеги реформалары туӯры екенлиги мәлим болды.
Қәнигелердиң пикиринше, фин балаларының басқа мәмлекетлердеги теңлеслерине қарағанда жақсырақ оқыӯлары ушын тийкарғы 5 усыл бар. Олардан 4еӯи туӯрыдан-туӯры мектеп ҳәм оның жуӯапкершилик шегарасы менен байланыслы болып, бесиншиси мектеп ҳәӯлисинен сыртта.
Бириншиден, Финляндияда оқыӯшы 7 жастан баслап қызығыӯшылығына қарап арнаӯлы пәнлерге бағдарланған орта мектепте билим алады. Сондай-ақ, финлерде мектеплер қай жерде жайласқанлығы, кимди оқытып атырғанлығына қарамастан, олардың "бәри жақсы билим алыӯы керек" деген түсиник қәлиплескен.
Екиншиден, бул мәмлекеттиң билимлендириӯ системасына тәжирийбели оқытыӯшылар керек екенлигин ерте аңлап жеткен. Олар 1980-жылдан баслап оқытыӯшылар жеткерип бериӯши жоқары оқыӯ орынларында түптен реформалар өткереди. Муғаллимлердиң абыройын көтериӯди ең әҳмийетли мәселе ретинде қараған.
Үшиншиден, бәрше мектеплерде балалардың саламатлығын ҳәм айдын келешегин тәмийинлеӯге бағдарланған механизмди жолға қойды. Буның ушын фин мектеплерине көп муғдарда қәрежет ҳәм штат бирликлери берилди.
Төртиншиден, финлер билимлендириӯ системасының орта буӯынында ислеӯшилер басшылар ҳәм педагоглар болыӯы керек деп есаплады. Яғный, директор өзи ислеп атырған мектепте сабақ бериӯ имканиятына ийе болыӯы лазым еди.
Бесиншиден, финлер оқыӯ процесиниң өзине тәнлиги оқыӯшының мектептен тысқарыдағы турмысына да күшли тәсир етиӯин умытпады.
© Тимоти Уокернинг «Финляндия таълим мўжизаси» китабынан