Соңғы жыллары республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы Кегейли районында да көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Аўыл-аймақларда көше ҳәм қыябанлар абаданластырылып, сулыў ҳәм зәўлим имаратлар, стадионлар, спорт майданшалары қурылып бой тиклемекте.
«Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп аталған быйылғы жыл да кегейлишилер ушын жақсы жаңалықлар менен басланбақта. Атап айтатуғын болсақ, жыл басында районның бир қатар орынларында шаңарақлық балалар бақшалары халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылған болса, кеше мектеп билимлендириўи хызметкерлериниң методикалық орайы болған Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлиминиң еки қабаттан ибарат жаңа имараты қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Имараттың ашылыў салтанатында район ҳәкими Д. Утемуратов ҳәм басқа да шығып сɵйлеўшилер тәрепинен билимлендириў тараўына каратылып атырған итибардың нәтийжесинде мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар туўралы кең түрде айтып өтилип, пайдаланыўға тапсырылып атырған бул жаңа имаратттың ашылыўы менен илаж қатнасыўшыларын қутлықлады.
Соңынан имарат алдына тартылған дәстүрий ленталар кесилип, илаж қатнасыўшылары билимлендириў бөлиминиң ишки имканиятлары менен танысып, жаратылған қолайлықларға жоқары баҳа берди.
Соны да айтып өтиўимиз керек, бул имараттың қурылысына республиканың жергиликли бюджетинен 2 млрд 108 млн 349 мың сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары «Абду Карим Қурилиш» жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылды.