Янгиликлар
ШЫҒЫС ӘДЕБИЯТЫНЫҢ ҚОС ЖУЛДЫЗЫ
10 февраль 2023 йилБыйылғы жылы уллы ойшыл, ғәзел мүлкиниң султаны, улкен мәмлекетлик ғайраткер Әлишер Наўайының туўылғанына 582 жыл, уллы шайыр, энциклопедист алым, мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шебер сәркарда Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың туўылғанына 540 жыл толыўы мүнәсибети менен республикамыз бойлап түрли әдебий илажлар болып өтпекте.
Мине усындай әдебий илажлардың бири Нөкис районы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Икки даҳо – икки бебаҳо” атамасында өткерилди.
Илажда Әлишер Наўайы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мектептиң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Азиз Камалов баянат жасады.
Атап өтилгениндей бул уллы дөретиўшилер тек ғана әдебиятта ғана емес, өз дәўиринде илим, билимниң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан мәмлекетлик ғайраткерлер есапланады.
Ең әҳмийетлиси илажда Нөкис мәмлекетлик педагогика институты түркий тиллер факультети, өзбек тили ҳәм әдебияты бакалавр тәлим жөнелиси 4-курс студенти “Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы” естелик белгиси ҳәм Наўайы стипендиясы ийеси Алишер Хушанов, “Илм-фан ифтихори” көкирек белгиси ийелери 3-курс студенти Азизжон Елмуратов ҳәм 1-курс студенти Покиза Аҳмедова, қәбилетли жаслардан бири 2-курс студенти Фарида Жадгаровалар мийманда болып, оқыўшыларға өзлериниң илим-билим ийелеў жолындағы изленислери, табыслары ҳаққында айтып берди.
Уллы бабаларымыз қалдырған әдебий мийраслар солардың ишинде Наўайы ҳәм Бабур шығармалары жасларға жоқары табысларға ерисиў жолында мудамы руўхый күш “мотивация” берип туратуғынлығын мақтаныш етти.