Янгиликлар
11-февраль «Илим-пән тараўындағы ҳаяллар ҳәм халықаралық қызлар күни» улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде кең түрде өткерилмекте
9 февраль 2023 йил
Мәмлекетимиз басшысы басламасы менен елимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў, илимий жумысларға тартыў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша кең кѳлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бирлескен Миллетлер Бас Ассамблеясының 2015-жыл 22-декабрдеги 70-сессиясында 11-февраль «Илим-пән тараўындағы ҳаяллар ҳәм халықаралық қызлар күни» белгиленген болып, 2016-жылдан баслап усы сәне дүньяның кѳплеген мәмлекетлери қатарында Өзбекстан Республикасында да кең белгиленип келинбекте. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2023-жыл 3-февральдағы 09-08/12-02/97-санлы мәжилис баянламасына тийкарланып барлық улыўма билим бериў мектеплеринде билим алып атырған оқыўшы қызлар қатнасында ҳәр түрли кѳрик-таңлаўлар, викториналар, алым ҳаяллар менен ушырасыў кешелери ѳткерилмекте. Атап айтқанда, Қараөзек районындағы 12-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде «Ең белсенди дѳретиўши оқыўшы қыз» таңлаӯы өткерилди. Сондай-ақ, Хожели районындағы 14-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебиннде билим алып атырған оқыӯшы-қызлар арасында хаял-қызлар шәштәрезханасы, тигиўшилик ҳәм кондитер өнимлерин писириў сыяқлы жөнелислер бойынша көрик-таңлаӯлар да өткерилди. |