Янгиликлар
Баслы мақсет – коррупциясыз тараўды қәлиплестириў
17 январь 2023 йилСоңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында коррупциогенлик факторларға шек қойыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта. Өйткени, ҳәр қандай раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллетлердиң бири – бул коррупция болып есапланады.
Соны да айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў Республикамызда мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Буны соңғы жылларда тараўға байланыслы қабыл етилген концептуал әҳмийетке ийе норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер, коррупцияның алдын алыўға қаратылған административлик реформалар мысалында көриўимиз мүмкин.
Соның менен бирге, коррупцияға қарсы гүресиў нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў ҳәм оларды сапластырыўдың тәсиршең системасын жаратыў мақсетинде мәмлекетлик органлар, министрликлер ҳәм шөлкемлер, кәрханалар, оқыў орынлары да өзлериниң белсендилигин көрсетип атыр.
Соны айрықша атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-май күнги “Мәмлекет басқарыў тараўында коррупциялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў механизимин жеделлестириў ҳәм усы тараўда жәмийетшилик қатнасыўын кеңейттириў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-240-санлы ҳәм де «Коррупцияға қарсы гүресиў жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 2021-жыл 6-июльдағы ПҚ-5177-санлы қарарлары негизинде, 2021-жыл 1-октябрьден баслап барлық мәмлекет шөлкемлери ҳәм мекемлеринде әмелдеги штат бирликлери шеңберинде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў (комплеанс) структуралары искерлиги жолға қойыла баслады.
Жоқарыдағы норматив-ҳүжжетлерден келип шығып, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министирлиги, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министирлиги ҳәм министрлик системасында коррупциялық ишки (комплеанс) қадағалаўды әмелге асырыўшы бөлим өз искерлигин басламақта.
Жаңадан шөлкемлестирилген бул бөлимниң тийкарғы ўазыйпасы – коррупциялық жағдайларға қарсы гүресиў, коррупцияның алдын алыў, келип шығыў себеплерин үйрениў, сапластырыў, тараўда коррупциялық ҳәрекетлерди болдырмаў ҳәм оған қарсы гүресиў болып табылады.
Бул иллеттиң келип шығыў ҳәм раўажланыў факторларын үйренип, оны тоқтатыў ҳәм сапластырыўды ең алды менен жәмийеттеги ҳәр бир инсан өзинен баслаўы керек. Ҳәр бир шахс өзиниң билими ҳәм келешекте жетик маман қәниге болып жетилисиўине тек ғана билим ҳәм мийнети менен ерисе алатуғынлығына исенип ҳәрекет етиўи лазым болады.
Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиўде мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын күшлерге дус келиўине қарамастан өзиниң мақсети ушын тынбай мийнет етип ҳәм өзиниң әтирапындағыларға үгит-нәсият ҳәм де түсиник жумысларын алып барса жәмийетимиздиң ҳәр бир шахсы коррупцияға қарсы гүрес алып барып атырғанлығынан дерек береди. Соның ушын бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүресиў, оның алдын алыў бойынша халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў да әҳмийетли.
Ш.Бабаназарова – Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў комплеанс қадағалаўын әмелге асырыў бойынша бас қәнигеси