Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Темеки ҳәм спиртли ишимликлер дүканы билимлендириӯ мекемелеринен қанша узақлықта болыӯы керек?

15 январь 2023 йил
image

Егер бул қағыйда бузылса, исбилерменге қарсы қандай жаза шаралары қолланылады?

✔️— “Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыӯын ҳәм қолланыӯын шеклеӯ ҳаққында”ғы Нызамның 13-статьясы ҳәм де Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 13-февральдағы 75-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасында усақлап сатыӯ саӯда қағыйдалары”ның 60-бәнтинде алкоголь ҳәм темеки өнимлерин реализация етиӯге шеклеӯлер белгиленген болып, оған муӯапық, бул өнимлерди билимлендириӯ, спорт ҳәм диний мекемелеринен 500 метрден кем болмаған аралықта жайласқан саӯда объектлери тәрепинен реализация етиӯ мүмкин емес.

✔️Ҳәкимшилик жуӯапкерлик ҳаққындағы кодекстиң 186-статьясында этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин нызамға қайшы түрде ислеп шығарыӯ ямаса айланысқа киритиӯ ушын хәкимшилик жуӯапкершилик нәзерде тутылған.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm