40 жылдан аслам педагогикалық ис-тәжирийбеге ийе физика пәни муғаллими Рустем аға Бекниязовты бүгин республикамыздың билимлендириў тараўында хызмет етип атырған көпшилик жақсы таныйды.

1982-жылы университетти тамамлаған ол сол ўақыттан берли Кегейли районындағы 34-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өз қәнигелиги бойынша муғаллим болып ислеп келмекте.

Негизи муғаллимлер шаңарағында туўылып камалға келген Рустем ағаның физика пәнине деген қызығыўшылығын жигит ағасы Қалбай Бекниязов оятқан. Оннан қалаберсе әкеси Ысақ, әжеси Улбоған ападан алған үйдеги тәрбия оны усындай дәрежедеги үлгили муғаллим, перзентлериниң әдиўли әкеси дәрежесине жеткерди.

-Атамыз Бекнияз да аўылда мешитте бала оқытқан деп айтатуғын еди,-дейди Рустем аға.-Әжем Улбоғанның атаңызға уқсап муғаллим болың деген ақыл-нәсияты себепли ме бир ата-анадан туўылған 11 туўысқаннан жетеўи педагог болып жетилисти. Атап айтқанда, қарындасларым Гүлзамира биолог, Нигара, Айымхан, Рамуза, иним Қонысбай филолог, Баҳадыр тарийхшы қәнигелигин ийеледи. Соның ишинде қарындасым Нигара филология илимлериниң докторы дәрежесине жетисти. «Уяда нени көрсең, ушқанда соны көресең дегениндей ул-қызларым Гүлнара математика, Азамат тарийхшы, Карамат географ, Гүлчеҳра физика, Қуўат энергетика қәнигелиги бойынша билим алды. Бүгинги күни олар халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли хызмет етпекте.

-Жақсы муғаллим болыў ушын не ислеў керек,-деп сорадым оннан гәп арасында.

Жақсы муғаллим болыў ушын биринши гезекте, өзиң жақсы билимге ийе болып, оқыўшыларды өзиң оқытқан пәнге қызықтыра алыўың керек. Екиншиден, оқыўшыларды сабақтан тыс ўақытлары дөгерекке тартып, олар менен көбирек бирге ислесиў лазым. Мениң өзим оқыўшыларды баслаўыш класты тамамлап атырған ўақытта математикадан имтихан алып таңлап аламан ҳәм сол оқыўшыға физикадан дәслепки түсиниклерди берип бараман. Математиканы билмеген баланың физиканы өзлестириўи қыйын болады. Соның нәтийжеси шығар оқыўшыларым ҳәр жылы өткерилетуғын пәнлер олимпиадасында район ҳәм республика көлеминде жеңимпаз болып келмекте.

Ҳақыйқатында да, Рустем Бекниязовтың шәкиртлери соңғы жыллары пәнлер олимпиадасында жеңимпаз атанып, бүгинги күни республикамыздағы жоқары оқыў орынларында тәлим алмақта.

Атап айтатуғын болсақ, өзиниң қызы Гүлчеҳра Бекниязова Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети физика қәнигелиги бойынша магистратура басқышын тамамлап Ташкент қаласында муғаллим болып ислеп атырған болса, Гүлзар Сарсенбаева ҚМУ дың физика факультетиниң 4-курсында, Гүлнар Сарсенбаева ҳәм Қойсынай Төлегеновалар 2-курсында, Айхан Изимбетова 1-курсында, Азиза Абдикаримова, Шахноза Пирниязова ҳәм Зульфия Сарсенбаевалар Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында тәлим алмақта.

-Оқыўшылар менен ислесиўде бираз тәжирийбем аз болған жыллар болды,-дейди Рустем аға басын шайқап.-Педагогларға жаратылып атырған бүгингидей имканият сәл ертелеў болғанында буннан да жоқары нәтийжелерди көрсетиўге болатуғын еди. «Ҳештен кеш жақсы» дегениндей қудайға мың қәтле шүкир, соңғы жыллары Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде билимлендириў тараўына үлкен итибар қаратылып, өсип киятырған жас әўладтың тәлим-тәрбиясы ушын аталарша ғамқорлықлар көрсетилмекте. Муғаллимлеримиз қосымша жумыслардан азат етилип, өзлериниң бар билим ҳәм күш-жигерин оқыўшылардың сапалы билим алыўына қаратпақта. Менде буннан нәтийжели пайдаланыўға ҳәрекет етпектемен. Жас педагогларға өзимниң ис-тәжирийбемди үйретип атырман.

Ҳақыйқатында да, Рустем аға Бекниязов өзиниң бай ис-тәжирийбесиниң арқасында район ҳәм республика көлеминде көргизбели ашық сабақлар өтип, физика пәни бойынша баспадан шығып атырған сабақлықларға өзиниң пикир-усыныслары менен белсене қатнасып келмекте.


Оның усындай ийгиликли ислери инабатқа алынып, ол 2011-жылы «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы», 2013-жылы «Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы» көкирек белгилери менен сыйлықланды. Ал, 2017-жылы болса Р. Бекниязов Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы тийкарында «Дўстлик» орденин алыўға миясар болды.

Быйылғы кәсиплик байрам да бул тәжирийбели устазға үлкен қуўаныш алып келди. Атап айтатуғын болсақ, ол 1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен  елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў, жасларға илим үйретиў ҳәм заманагɵй кәсип-ɵнерлерге бағдарлаў, оларды ана-Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы кɵп жыллық жемисли мийнетлери ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы менен сыйлықланыўға еристи.

-Рустем ағаның усындай ҳүрметли атаққа ерисиўи оның пидайы мийнети ҳәм педагогикалық жәмәәтимиздиң беккем аўызбиршилигиниң жемиси деп ойлаймыз,-дейди бизге Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 34-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Бердибай Яхьяев.- Мектебимиз 1991-жылы қурылған болып, онда 114 оқыўшы заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта. 2020-жылы Мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында мектебимизге капитал оңлаў жумыслары исленди. Быйылғы жылы болса, мектептиң дөгереги бетонланып, темир қоршаўлар менен қоршалмақта. Оқыўшыларымыздың физикадан басқа пәнлерге де қызығыўшылығы жоқары. Олар пәнлер олимпиадасы ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда белсене қатнасып сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

Атап айтатуғын болсам, өткен оқыў жылында 9-класс оқыўшымыз Гүлзийра Тилеўбаева қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен районда жеңимпаз болып, республикалық басқышқа қатнасқан болса, және бир 9-класс оқыўшымыз Хошмуратова Гулназа физика пәнинен өткерилген онлайн олимпиадада Өзбекстан Республикасы көлеминде жеңимпаз болып Ташкенттеги Турин университети қасындағы академиялық лицейге имтихансыз оқыўға қабылланды. 11-класс оқыўшысы Малика Исмаилова «Мениң Президентим» шығармалар таңлаўында 3-орынды ийелеўге миясар болды. Айта берсек, жетискенликлерим баршылық, бирақ, алда ислениўи тийис ўазыйпалар оғада көп. Буны инабат пенен орынлаў ушын жәмәәтимиз бенен биргеликте, «бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып» мийнет ете беремиз.

Мине бүгин кишкене ғана «Ерполат жыраў» аўылында жайласқан бир мектептиң пидайы муғаллими Рустем Бекниязов ҳәм оның кәсиплеслериниң тәлим-тәрбия бағдарында ислеп атырған жумысларына қысқаша тоқтап өттик. Алдағы ўақытлары республикамыздағы басқа мектеп жәмәәтлери де буннан үлги алып, тәжирийбесин арттыратуғынына исенип қаламыз.

 А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.