Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Муғаллимлер аттестациядан өте алмаса, қайта тапсыра ала ма?

15 январь 2023 йил
image

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-сентябрьдеги 572-санлы қарары менен тастыйықланған Режениң 44-бәнтине муўапық, “Жумыс бериӯши мийнет шәртнамасын бийкар етпеген жағдайда, нәӯбеттеги мәжбүрий аттестациядан өте алмаған қәниге (жоқары мағлыӯматлы оқытыӯшы) лаӯазымындағы педагог кадр нәӯбеттен тыс аттестацияға 3 мәрте тартылады. Бунда 3 мәртениң хеш биринде нәӯбеттен тыс аттестациядан өте алмаса ямаса себепсиз аттестацияға қатнаспаған педагог кадр менен жумыс бериўши хызметкердиң қәнигелиги жетерли болмағанлығы себепли оның менен дүзилген мийнет шәртнамасын мийнет нызамшылығында белгиленген тәртипте бийкар етиў ҳуқықына ийе”.

 

7-бәнтине муўапық, “Нәўбеттеги мәжбүрий аттестацияға қамтылмайтуғын педагог кадрлар өз қәлеўине көре нәўбеттен тысқары аттестациядан өтиўлери мүмкин. Нәўбеттеги мәжбүрий аттестацияға қамтылмайтуғын педагог кадрлардың әмелдеги қәнигелик категориялары(лаўазымы)  сақланып қалады ҳәмде оларға билимлендириў мәкемелеринде ислеген дәўиринде усы қәнигелик категориялары( лаўазымы) бойынша ҳақ төленеди. Өз қәлеўине көре, нәўбеттен тысқары аттестацияда қатнасып, аттестациядан өте алмаған педагог кадрлардың қәнигелик категориялары (лаўазымы) түсирилмейди ҳәмде оларға нәўбеттен тысқары аттестацияда қатнасыўнан алдын әмелде болған қәнигелик категориясы(лаўазымы) бойынша ис ҳақы төленеди”. 

 

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm