Янгиликлар

.

Қайсы ҳалық аралық олимпиада жеңимпазлары ЖООна тест сынаӯларсыз қабыл етиледи?

15 январь 2023 йил
image

2019-жыл 3-майдағы ПҚ-4306-санлы Президент қарарына муӯапық, жеңимпазлар мәмлекетлик ЖООларына тест сынаӯсыз ҳәм қосымша имтихансыз қабыл етилетуғын халық аралық олимпиадалар дизими тастыйықланды. Оған муӯапық, төмендеги 5 ҳалық аралық олимпиада жеңимпазларына мине, усындай жеңилликлер бериледи.

 

1. Халық аралық математика олимпиадасы                                                                                                                                                                                                 – International Mathematical Olympiad (IMO)

2. Халық аралық физика олимпиадасы – International Physics Olympiad (IPhO)

3. Халық аралық химия олимпиадасы  – International Chemistry Olympiad (IChO)

4. Xaлық аралық биология олимпиадасы  – International Biology Olympiad (IBO)

5. Xaлық аралық информатика олимпиадасы – International Olympiad in Informatics (IOI)

 

☝Мағлыумат ушын, жоқарыдағы дизимге киритилмеген халық аралық ҳәм аймақлық пән олимпиадалары статусы тийкарғы олимпиадалардың республика басқышына теңлестириледи ҳәм дизими Министрлер Кабинетиниң қарары менен белгиленеди.

 

Бул не дегени?

 Жоқарыда атап өтилген 5 халық аралық олимпиададан басқа баршесинде жеңимпаз болған оқыӯшыларға тест сынаӯсыз оқыӯға кириӯ ҳуқықы берилмейди, яғный, қайсы пәннен жеңимпаз болған болса, тек сол пәннен ғана максимал балл бериледи.

 ✔️Айтайық, бәршемизге жақсы таныс болған Менделеев халық аралық химия олимпиадасында жеңимпаз болған оқыӯшы ЖООна хүжжет тапсырса, оған тест сынаӯларында тек ғана химия пәнинен максимал балл бериледи, бирақ қалған 2 пәнин өзи ислеӯине туӯра келеди.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm