Янгиликлар
РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ
29 февраль 2024 йил2024-жыл 27-февраль күни телеграм социал тармағында Тақыятас районындағы мектепте баслаўыш класс оқыўшылары ушын “кейтеринг” тийкарында бийпул берилип атырған азық-аўқат өнимлериниң сыпаты бойынша мүрәжатына
РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ҳәм Санитария-эпидемиология хызмети қәнийгелери тәрепинен Тақыятас районы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде баслаўыш класс оқыўшыларына берилип атырған бийпул азық-аўқат өнимлериниң сыпаты бойынша тийисли мониторинг жумыслары өткерилди.
Баслаўыш классларға (1-4-класс) бийпул берилип атырған азық-аўқат өнимлери «Brof Prof Nukus» МЧЖ тәмийнатшы кәрханасы тәрепинен берилип атырғанлығы, 26-февраль күнги алып келинген бирлемши тағамнамада көрсетилген айрым өнимлердиң муғдарының белгиленген талапларға сәйкес келмегенлиги, азық-аўқат өнимлери мектептиң брокераж комиссия ағзалары тәрепинен сыпаты бақланбай қабылланғанлығы анықланды.
✳️ Өткерилген үйрениў нәтийжесинде анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкер шахсқа ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилип, жәрийма жаза шарасы қолланылды.
Ҳүрметли мектеп директорлары:
«Кейтеринг» усылында баслаўыш (1-4-класс) класс оқыўшыларына күнделикли берилетуғын бийпул азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши кәрханалардан азық-аўқат өнимлерин қабыллап алыўда санитария қағыйда ҳәм норма талапларына әмел етиўиңизди усыныс етемиз.