Янгиликлар
Рәсмий мүнәсибет
3 июнь 2024 йилРәсмий мүнәсибет
Қарақалпақстан Республикасында газеталардың бир болған «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2024-жыл 16-майдағы №17 (8293) санының 1-бетинде, газетаның хабаршысы, журналист Ш.Сийпатдиновтың авторлығында «Немқурайдылық па яки жуўапкерсизлик пе?» атамасында сын мақала жарияланған.
Жәрияланған мақала бойынша Қарақалпакстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ҳәм Нөкис қалалық Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
Үйрениў нәтийжесинде Мектеп оқыўшылары арасында китапқумарлықты раўажландырыў, И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергенов шығармаларын тереңирек үйрениў, жаслардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў, сөйлеў мәдениятын жетилистириў мақсетинде “И.Юсупов избасарлары” ҳәм “Төлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы” таңлаўының Нөкис қалалық басқышы руўхый-ағартыўшылық орайы тәрепинен шөлкемлестирилди.
Бунда мектеплер тәрепинен “қатнассақ болды” яғный, “бизден кеткенше – ийесине жеткенше” усылында шала-шарпы таярлық болғанлығы ҳәмде Нөкис қаласында улыўма орта билим бериўши 53 мектеп бар болып, соннан 13 мектеп бул таңлаўға улыўма қатнасқан жоқ деп атап ѳтилген.
Негизинде бул таңлаў ҳаққында хабар Нөкис қаласындағы барлық мектеплерге толық жеткерилгенлиги, бирақ кѳрсетилген қоспа қарарда Нѳкис қаласынжа барлық мектеплер толық қатнасыўы тәмийинленсин деп кѳрсетилмеген. Нѳкис қаласы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бѳлими тек қәлеўши мектеплер қатнасқанлығын мәлим етип билдиремиз.
Соны да айтып өтиў орынлы, Нѳкис қаласы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ бѳлими тәрепинен алдағы ўақытлары бундай унамсыз ҳәрекетлердиң алдын-алыў бойынша, барлық мектеп жәмәәтине түсиндириў жумыслары турақлы түрде алып барылады.