Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Мектеплерде быйылғы қыс мәўсимине қандай таярлықлар көрилди?

2 январь 2023 йил
image

Быйылғы қыс мәўсимниң ҳәдден тыс суўық келиўи республикамыздағы бир қатар министрлик, мәкеме ҳәм шөлкем басшыларын, кең жәмийетшилик ўәкиллерин қәўетерге салып қойғаны ҳеш кимге сыр емес.

Қысқы жылытыў мәўсиминде социаллық объектлердиң турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў тийисли министрлик басшыларынан қатаң жуўапкершилик пенен жумыс ислеўди талап етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигин усындай жуўапкерли ўазыйпаны инабат пенен атқарып киятырған министрликтиң бири.

Бүгинги күни республикамыз бойынша 721 улыўма орта билим бериў мектеплери болса, соның бесеўи орайластырылған, ал, 716 сы локал жылытыў тәмийнаты арқалы ысытылады. Атап айтқанда, 340 мектеп тәбийғый газ бенен, 116 сы тәбийғый газ ҳәм көмир арқалы, 260 сы тек көмир менен қыздырылса, 5 еўи орайластырылған жылытыў системасы арқалы ысытылады. Быйылғы гүзги-қысқы мәўсимди шығынсыз өткериў мақсетинде, «Көмир тәмийнат» ЖШЖ тәрепинен белгиленген реже тийкарында 12625 тонна көмир алыс аймақлардағы 391 мектепке жеткерип берилди.

Сондай-ақ, билимлендириў мәкемелеринде жыллылықты бирдей температурада услаў мақсетинде, 721 мектептиң 1407 кириў есиклерине пружиналар орнатылып, ағаш әйнеклери бар мектеплердиң 17571 кв. метр айналарын полэтилен пленкалар менен қаплаў ислери әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 23-сентябрьдеги «Экономика тармақларын, социаллық тараў объектлери ҳәм көп квартиралы турақ жай фондын 2022-2023-жылларда гүзги-қысқы мәўсимде турақлы ислеўге таярлығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы 522-санлы қарарына муўапық 41 мектептиң 137 дана ысытыў қазанлары жаңадан орнатылған болса, 10 мектептиң 4787 п.м жылытыў системалары қайта оңланып, 16 мектептиң 3063 кв.м. терезе айналары жаңасына алмастырылды. 14 мектептиң төбесине 23192 кв.м. шифер қағылды.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, быйылғы қыс мәўсиминде республикамыз мектеплериниң жылытыў системасында үзилислер жүз бермеўи тәмийинленбекте. Бул жумыслар Халық билимлендириўи министрлиги тәрепинен күнделикли түрде қадағалаўға алынған.

 

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm