Янгиликлар
Оқыўшыны бир мектептен басқасына өткериў тәртибин билесиз бе?
2 январь 2023 йилАта-аналар өзиниң қәлеўине бола, оқыў жылында ямаса ол тамамланғаннан соң перзентин бир мектептен басқасына өткериў ҳуқықына ийе.
Онда бир мектептен басқасына өткериў ушын оның себеплерин көрсетип мектеп директорының атына арза бериледи.
Арза 1 жумыс күнинде көрип шығылады ҳәм оқыўды даўам еттириў ушын таңланған мектепке бериў ушын мектептен кетиў талоны бериледи.
Ата-аналар перзенти оқыўды даўам еттириўи ушын таңланған мектеп директорына арза береди. Арзаға мектептен кетиў талоны қосымша етиледи.
Оқыўды даўам еттириў ушын таңланған мектеп директоры арза ҳәм талонды қабыл еткеннен соң, сол күнниң өзинде ата-аналарға оқыўшы билим алып атырған мектепке бериў мектепке келиў талонын береди.
Оқыўшы оқып атырған мектеп директоры мектепке келиў талонын алғаннан соң, сол күнниң өзинде оқыўшыны мектеп оқыўшылары қатарынан шығарыў ҳаққында буйрық қабыл етеди.
Мектеп директоры усы буйрық пенен ата-аналарды таныстырылғанлығы ҳаққында қол қойдырып, оларға төмендеги ҳүжжетлерди береди ҳәм ҳүжжетлер берилгенлиги ҳаққында тилхат алады:
– оқыўшының мектеп оқыўшылары қатарынан шығарылғанлығы ҳаққындағы буйрықтан көширме;
– оқыўшының баҳалар (өзлестириў) табели;
– оқыўшының медициналық картасы.
Оқыўды даўам еттириў ушын таңланған мектеп директоры басқа мектептен өткерилип атырған оқыўшының оқыў процесслеринен шетте қалып кетпеўин тәмийинлеў ушын барлық зәрүр илажларды көриўи шәрт.