Янгиликлар
РАДДИЯ
3 февраль 2024 йилСоциаллық тармақларда Тутыныўшылардың мәплерин қорғаў орайына педагогларды ағза етиў ҳәм айлық ис ҳақыларынан 0.8% усылап қалыў бойынша разылық хаты жазыдырып алыў тапсырмасы болып атырғанлығы…ҳаққында пост жәрияланды.
Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен үйренилиӯ жумыслары алып барылды.
Үйрениў даўамында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң биринши орынбасары тәрепинен жиберилген хатта «Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың мәплерин қорғаў Орайы өз жумысын Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылы 12-апрельдеги «Жәмийетлик қадағалаў» ҳаққындағы сондай-ақ, «Социаллық шериклик ҳаққындағы» нызам ҳәм де Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы Нызамлары тийкарында өз жумысларын алып барып атырғанлығы ҳәм бул Орайға қала ҳәм районлық бөлимлерде ислеўши хызметкерлерине ағза болыў усыныс етемиз» - деп көрсетилген.
Усы хатта оқытыўшыларды Орайға мәжбүрий ағза етиў ҳәм айлық ис ҳақыларынан услап қалыў бойынша ҳеш қандай тапсырма берилмеген.
Үйрениў даўамында министрликтиң қала ҳәм районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ бөлимлеринде ислеўшы хызметкерлер менен сәўбетлесиў өткерилип, бундай жағдай болмағанлығы, ҳақыйқатқа туўра келмеслигин мәлимлеймиз.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының 2024-жылы 1-февраль күнги «Педагогтың мәртебеси ҳаққында»ғы ӨРН-901-санлы Нызам қабыл етилген.
Онда, Нызамның 5-статьясында: педагогларға товар ҳәм хызметлерди сатып алыў миннетлемесин жүклеў, соннан, мийнет ҳақысынан оның жазба разылығысыз товар ҳәм хызметлер ушын пул услап қалыў қадаған етилгенлиги белгиленген.
Бул Нызамның министрлик тәрепинен шығарылған усыныс хатқа хеш қандай байланысы жоқ екенлигин айтып өтпекшимиз. Егерде бундай жағдайлар қала ямаса районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ мәкемелеринде анықланып атырған болса, министрлик тәрепинен арнаӯлы исши топар дүзилип, мәнзилли үйрениӯ жумыслары алып барылады. Үйрениӯ даӯамында бундай унамсыз ҳалат анықланса, тийисли тәртипте жуӯапкершиликке тартылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз.
https://t.me/antikorruz телеграм каналы администрациясына билимлендириӯ тараӯына бийпарық болмай халық пенен пикир ҳәм усынысларын бөлисип атырғаны ушын өз миннетдаршылығымызды билдириген ҳалда, алдағы ӯақытларда тараӯға байланыслы машқалаларды рәсмий каналында анық мағлыӯматқа тийкарланып жәриялап барылса мақсетке муӯапық болар еди.
Еслетип өтемиз, тийкарсыз, анық мағлыўматқа ийе болмай тарқатылған мағлыўматлар, жалған мәлимлеме есапланады.Жалған мағлыўмат тарқатқанлық ушын Нызамшылыққа көре жуӯапкершилик белгиленген.
Егер сиз ислеп атырған билимлендириӯ мәкемелеринде Нызамсыз айлық ис ҳақысынан услап қалыӯ жағдайлары ушырасып атырған болса министрликтиң 61 222-52-25 исеним телефон номерине ҳәм @QRXBministrbotе ботына тараӯға байланыслы өз мүрәжатыңызды жолласаңыз болады.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң Мәлимлеме хызмети