Янгиликлар
РӘСМИЙ МАҒЛЫӮМАТ
5 февраль 2024 йилСоциаллық тармақлар арқалы «Мына кроссвордтың жуўабын билесиз бе?» атамасында пост жәрияланды.
Бул пост бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлиги тәрепинен
РӘСМИЙ МАҒЛЫӮМАТ
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
Үйрениӯ даӯамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 20-апрельдеги ПҚ-128-санлы «Илимий-методикалық ҳәм изертлеў жумыслары сыпатын асырыў арқалы билимлендириў тараўын комплекс раўажландырыўды жеделлестириў бойынша ис-илажлар хақкында»ғы Қарары менен Билимлендириўди раўажландырыў республика илимий-методикалық орайы шөлкемлестирилип, усы қарар менен: «Сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық топламларды баспадан шығарыў, тәжирийбе-сынаўдан өткериў ҳәм экспертиза етиў, билимлендириў стандартлары, оқыў режелери ҳәм бағдарламаларына қойылатуғын талапларды ислеп шығыў ҳуқықы» орайға жүклетилген.
Улыўма орта билим бериў мектеплериниӊ 1-класслары ушын авторы Ф.Закирова тәрепинен таярланған «Информатика хәм хабар технологиялары» сабақлығы «Novda edutainment» баспасы тәрепинен басып шығарылған.
2023-2024 оқыў жылы 1-класслар ушын таярланған “Информатика ҳәм хабар технологиялары» сабақлығыныӊ бирден бир нусқасы Республикалық билимлендириў орайына танысып шығыў, экспертизадан өткериў ҳәм тастыйықлап баспаға усыныс етиў ушын берилмеген.
Сабақлықта көрсетилген өзбек тилинен қарақалпақ тилине аўдарыўшы ҳәм редакторы менен шәртнама тиккелей илимий-методикалық орайы тәрепинен дүзилген.
Сабақлық Өзбекстан Республикасы билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы жанындағы илимий-методикалық кеӊеси тәрепинен 2023-2024-оқыў жылы ушын ислеп шығылған болып, бүгинги күнде бул сабақлықтың мазмунына ҳәм қәте кемшиликлерине толық усы орай жуўап беретуғынлығын мәлим етип билдиремиз.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен қарақалпақша аўдармаланған улыўма орта билим бериў мектеп китапларын экспертизадан өткерип, дурыслығын тастыйықлап бериў бойынша Өзбекстан Республикасы Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы тәрепине усыныс берилмекте.