Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

РӘСМИЙ МАҒЛЫЎМАТ

4 февраль 2024 йил
image

Социаллық тармақлар арқалы  “Мектеп сабақлығы. Неше қәте таптыӊыз?” атамасында пост жәрияланған.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
          
Үйрениў нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 20-апрельдеги «Илимий-методикалық ҳәм изертлеў жумыслары сыпатын асырыў арқалы билимлендириў тараўын комплекс раўажландырыўды жеделлестириў бойынша ис-илажлар хақкында»ғы ПҚ-128-санлы Қарары менен Билимлендириўди раўажландырыў республика илимий-методикалық орайы шөлкемлестирилип, усы қарар менен: «Сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық топламларды баспадан шығарыў, тәжирийбе-сынаўдан өткериў ҳәм экспертиза етиў, билимлендириў стандартлары, оқыў режелери ҳәм бағдарламаларына қойылатуғын талапларды ислеп шығыў ҳуқықы» орайға жүклетилген. 
Улыўма орта билим бериў мектеплериниӊ 4-класслары ушын Ѳзбекстан Республикасы Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы тәрепинен  2023-2024-оқыў жылы  ушын (авторлары  О.И.Усманова, И.И.Рисюкова) таярланған “Тәрбия” сабақлығы  2023-жылы Ташкент қаласындағы “Novda” баспаханасында басып шығарылған.
  2023-2024 оқыў жылына  4-қарақалпақ классы ушын таярланған “Тәрбия” пәни сабақлығыныӊ бирден бир нусқасы Республикалық билимлендириў орайына танысып шығыў, экспертизадан өткериў ҳәм тастыйықлап баспаға усыныс етиў ушын берилмеген.    
Сабақлықта өзбек тилинен қарақалпақ тилине аўдарыўшыныӊ исми шәрипи көрсетилмеген, редактор менен шәртнама тиккелей илимий-методикалық орайы тәрепинен дүзилген.
Сабақлық Өзбекстан Республикасы билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы тәрепинен таярланыўына байланыслы бул сабақлықтың мазмунына ҳәм қәте кемшиликлерине толық усы орай жуўап беретуғынлығын мәлим етип  билдиремиз.

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық билимлендириў орайы тәрепинен қарақалпақша аўдармаланған улыўма орта билим бериў мектеп китапларын экспертизадан өткерип, дурыслығын тастыйықлап бериў бойынша Өзбекстан Республикасы Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы тәрепине усыныс берилмекте.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm