Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

«Мектеплерде Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин асырыў» атамасында жыйналыс өткерилди.

31 январь 2024 йил
image

Бүгин Нөкис қаласы 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Мектеплерде Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин асырыў» атамасында жыйналыс өткерилди. 

Жыйналысқа Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г.Кожабаева, министр орынбасары М.Шлимбетова, министрликтиң қәнигелери, Нөкис қалалық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими баслығы, сондай-ақ қаламыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарлары қатнасты.

Дәслеп илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г.Кожабаева шығып сөйлеп, мектеплерде искерлик жүргизип атырған руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислерине кеңнен тоқталып өтти. Онда тийкарынан окыўшылардың тәлим-тәрбиясы, мектеп имаратында, классларда мәденият ҳәм мәнәўиятты сәўлелендирип турыўшы безеўлерди жаңалаў усынысы берилди. 
Соның менен бирге, министр орынбасары М.Шлимбетова тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплеринде руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары тәрепинен ислениўи тийис болған ўазыйпалар айтып өтилди. Окыўшылардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, руўхый санасында бослығы бар оқыўшылар менен өз алдына бирге ислесиў ҳәм ҳәр бир оқыўшының  ата-аналары менен тығыз байланыс орнатып, олар менен сәўбетлесиў  кереклиги бойынша да пикир билдирилди. 

Соның менен бир қатарда әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етиў, ҳәптениң ҳәр жума күни өткерилетуғын тәрбиялық саатта өтилетуғын сабақлық илажларын жобаластырыў,  анализ етиў, оқыўшылардың сабақтан бос ўақытларында мектепте шөлкемлетирилген пән дөгереклерине қатнасын тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Жыйналыс даўамында қатнасыўшыларға мәнәўий илажлар сәўлеленген видеоролик қойып берилди.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm