Янгиликлар
Рәсмий мүнәсийбет
26 январь 2024 йилСоциаллық тармақларда Қарақалпақстанда мектеп муғәллимлериниң айлықлары төлеп берилмегенлиги бойынша материал тарқалған.
Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигинен
Рәсмий мүнәсийбет
2024-жылы 5-январь күни социаллық тармақларда Қарақалпақстанда мектеп муғәллимлериниң айлықлары төлеп берилмегенлиги бойынша төмендегилерди мәлим етип билдиремиз.
Бюджет мәкемелери тәрепинен 2023-жыл декабрь айының 2-ярымы ис ҳақыларының қаржыландырылыӯы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 24-августтағы 245-санлы қарарының 2-қосымшасы менен тастыйықланған «Бюджет мәкемелери ҳәм бюджет қаржыларын алыӯшылар қәрежетлерин төлеӯ рухсатнамалар бериӯ тәртиби ҳаққындағы Нызам»ның 7-бәндине муӯапық, ис ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди қаржыландырыӯ рухсатнама бериӯ ҳәр айдың 1-7-сәнелеринде ҳәм де айлық төлемлер (аванс) 15-18-сәнелерине әмелге асырылыӯы белгиленген.
Бирақ, бюджет мәкемелериниң ис ҳақы төлемлериниң кешиктирилиӯи UzASBO екинши дәстүрине өтиӯине байланыслы, техник кемшиликлердиң келип шығыӯы себебли өз нәӯбетинде хызметкерлердиң айлықлары ӯақтында төленбей қалған. Анықланған техник қәтеликлер сапластырылды ҳәм 2024-жылдың 6-январь күни Қоңырат районы муғәллимлери ҳәм тех хызметкерлерине толық айлық ис-ҳақылары төлеп берилгенлигин мәлимлеймиз.
ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң Мәлимлеме хызмети