Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

КОЛЛЕГИЯ МӘЖИЛИСИ ӨЗ ЖУЎМАҒЫНА ЖЕТТИ.

26 январь 2024 йил
image

Коллегия мәжилисинде тийкарынан 2022-2023-оқыў жылында билимлендириў сапасын асырыўға қаратылған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында Беруний, Тақыятас ҳәм Шымбай районлары мысалында кеңнен додаланды.
 

Сондай-ақ, Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 3-7 жас аралығындағы балаларды қамтып алыў көрсеткиши бойынша ҳәм шөлкемлерде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер сынға  алынды. Бунда тийкарынан Тақыятас, Тахтакөпир ҳәм Төрткүл районларының айырым мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң алып барылып атырған жумыслары талап дәрежесинде емеслиги көрсетилип өтилди.

Сондай-ақ, 2023-2024-оқыў жылында өткерилген тийкарғы пән олимпиадасының Қарақалпақстан Республика  басқышында қатнасқан оқыўшылар арасынан ең билимли, зийрек, саўатлы оқыўшылар сараланып алынып, Өзбекстан Республикасы жуўмақлаўшы басқышына жоллама берилди. Министрлик қәнигелери тәрепинен жуўмақлаўшы пән олимпиядасына баратуғын оқыўшыларды еле де күшли таярлық көриў бойынша усыныс, пикирлер билдирилди. 
 

Соның менен бир қатарда Тахтакөпир, Төрткүл, Шоманай, ҳәм Елликқала районларының улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде атқарыўшылық тәртибиниң орынланыўы ҳәм мүрәжатлар менен ислесиў жағдайлары бойынша да айтып өтилди.
 

Мәжилис даўамында тараўдағы жол қойылған қәте-кемшиликлери ушын айырым улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкем директорларына интизамый жаза шарасы қолланылды. Бүгинги коллегия мәжилиси сын көз-қараста алып барылды.
 

Коллегия мәжилиси соңында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 2024-жыл ушын исленген үлгидеги ис-режеси таныстырылып өтилди ҳәм алдағы ислениўи керек болған ўазыйпалар белгиленип алынды.

 

ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң Мәлимлеме хызмети

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm