Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

РӘСМИЙ МҮНӘСИЙБЕТ

18 январь 2024 йил
image

Социаллық тармақларда Кегейли районы мектеп директорың мектепке керекли болған затларға жетерли қаржы ажыратылмағанлығы ҳаққында наразы екенлиги бойынша мағлыўмат тарқалған. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигинен рәсмий мүнәсийбет.

 

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң арнаўлы исши топар дүзилип, үйрениў жумыслары алып барылды.

Үйрениў даўамында Кегейли районлық улыўма орта билим бериў мектеплерине 2023-жыл ушын базалық сметаның 4-топар 4252110 статиясына 295 000 000 сум режелестирилген ҳәм бөлимге қараслы мектеплерге ишки ремонт жумысларын ислетиў ушын краска, водоемулсия ҳәм керекли затлар алынғанлығы анықланды.

Сондай-ақ, 2024-жылдың январ, февраль, март айлары ушын смета исленеди. Сол смета тийкарында 4-топар қәрежетлери ушын тийкарғы қәрежетлер  (коммуналық төлемлер) ушын ажыратылды. 2024-жыл ушын апрель айынан баслап 4-топар қәрежетлерине мектепке зәрүр болған мүтәжлигин қарап базалық сметаға пул қаржылары ажыратылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

 

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm