Янгиликлар
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигинде билимлендириӯ тараӯында санластырыӯды және де раӯажландырыӯ мәселелери бойынша жыйналыс болып өтти.
17 январь 2024 йилБүгин Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң мәжилислер залында улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде санластырыӯ жумысларын еледе раӯажландырыӯ мәселесине бағышланған жыйналыс болып өтти.
Жыйналысқа Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министри Г.Кожабаева, министрдиң биринши орынбасары А.Даулетбаев ҳәм барлық районлық мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириӯ бөлимлериниң Мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиӯ ҳәм санластырыӯ секторы қәнигелери қатнасты.
Өткерилген жыйналыста дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министри Г.Кожабаева сөзге шығып, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2023-жыл 20-декабрь күни кеңейтирилген тәризде өткерилген видеоселектор жыйналысының 48-санлы баянламасында берилген тапсырмалардың орынланыӯын тәмийинлеӯ ҳәм аймақта санластырыӯ жумысларын жәнеде жеделлестириӯ бойынша тапсырмалар берилгенлигин айтып өтти. Бунда тийкарынан 2024-жыл жуӯмағына шекем uzbekcoders.uz онлайн оқыӯ платформасы арқалы 33,5 мың жасларды басланғыш курсларда оқытыӯды шөлкемлестириӯ жумыслары тилге алынған.
Соның менен бир қатарда министр тәрепинен усы жылдың жуӯмағына шекем “мектеп-район” басқышында таңлаӯлар өткериӯ, 5-8 класс оқыӯшылары арасынан информатика бағдарында ең билимли оқыӯшыларды таңлап алыӯ тапсырмалары берилди. Жыйналыс соңында 2024-жыл 30-сентябрь күнине шекем тәжирийбели муғәллимлер ҳәм қәнигелерди тартыӯ, жасларды республика олимпиадаларға жақсы таярлық көриӯ бойынша анық ӯазыйпалар белгиленип алынды.
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлигиниң Мәлимлеме хызмети