Янгиликлар

.

Оқыӯшылар себепсиз сабаққа келмесе ким жуӯапкер болады?

11 январь 2024 йил
image

1. Ата-аналарға ҳәкимшилик жуўапкершилик шарасы қолланылады.

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 47-статьясына муўапық, ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар тәрепинен жас өспирим балаларды тәрбиялаў ҳәм оларға тәлим бериў бойынша миннетлемелерди орынламаў, жас өспирим балалардың ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық жүз бериўине алып келеди:

 — базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен 5 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

 ☝️Сонлықтан перзентин мектепке жибермеген ата-аналарға жоқарыдағы статья менен жәрийма қолланылады.

 2. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң 27.06.2023-жылдағы 190-санлы буйрығы менен тастыйықланған улыўма орта билим бериў мекемеси класс басшысының ис-режесине муўапық, класс басшысы класстағы қатнас(давомат)ты қадағалаўы, бул туўралы ата-аналар менен байланысып, оқыўшының сабаққа келмегенлиги бойынша себеплерин анықлаўы ҳәм мектеп администрациясына мәлимлеме киргизиўи керек.

Бул буйрықтың 1-қосымшасы ҳәм де Халық билимлендириў министрлигиниң 01.07.2021-жыл 206-санлы буйрығына тийкарланып, руўхый ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарның лаўазым миннетлемелеринен бири, бул класс басшыларының жумысын шөлкемлестириў, оқыўшылардың қатнас(давомат)ларын қадағалаў болып есапланады.

 ❗️Усыған муўапық, егер класс басшысы жоқарыдағы миннетлемени орынламаса, онда класс басшысына Мийнет Кодексиниң 312-статьясына тийкарланып, интизамий жаза шарасы қолланылады.

Бирақ, класс басшысы қатнас (давомат) мәселесинде өз миннетлемесин орынласа, бул жуўапкершилик руўхый ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарына қолланылады.

Мийнет Кодексиниң 312-статьясына муўапық, хызметкерге мийнет тәртибин бузғанлығы ушын жумыс бериўши төмендеги интизамий жаза шараларын қолланыўға ҳақылы:

 1) сөгис;

 2) орташа айлық ис ҳақысының 30% дан артық болмаған муғдарда жәрийма;

 3) мийнет шәртнамасын бийкарлаў (100-статья екинши бөлиминиң 3 ҳәм 4-бәнтлери).

 ☝️Бул Кодекстиң 313-статясына көре, жоқарыдағы жаза түрлери тек оны қолланыўға ўәкиллиги болған шахслар тәрепинен берилиўи мүмкин. Хызметкерге интизамий жаза шарасын қолланыўға жумыс бериўши ҳақылы.  Дерек:   https://t.me/Yurist_Xizmati/9109

 

 

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm