Янгиликлар
Усы жылы мектеп билимлендириӯинде нелер өзгереди?
3 январь 2024 йил2024-жыл 1-январьдан мектеп директорларын ҳәр 5 жылда бир мәрте кәсиплик сертификатциялаў системасы енгизиледи.
Бунда, сертификатциядан өте алмаған директорлар белгиленген тәртипте лаўазымынан азат етиледи.
Пәрманғе муўапық, төмендегилер бийкар етиледи:
— руўхый-ағартыӯшылық ислери бойынша директор орынбасарларын лаўазымға белгилеўде район(қала)лық руўхый-ағартыӯшылық орайы тәрепинен усыныс бериў әмелияты;
— дене тәрбиясы пәни оқытыўшыларын жумысқа қабыллаўда спорт тараӯындағы ӯәкилликли мәмлекет органының аймақлық бөлимлери ҳәм де спорт мектеплери методистлери тәрепинен жоллама бериў тәртиби.
2024-жыл 1-январьдан:
— бала туўылғанынан кейин, турақлы жасаў мәнзилиндеги микроаймаққа бириктирилген мектепте онлайн есапқа қойылады;
— мектеплердиң ҳәр оқыў жылы ушын қабыл режеси my.maktab.uz электрон платформасы қәлиплестириледи.
Соның менен бирге, 2023/2024-оқыў жылынан “Сырдәрья тәжирийбеси” тийкарында ҳәр бир аймақта биреӯден заманагөй “Бәркамал әўлад” балалар мектеплери шөлкемлестириледи.