Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Оқыӯ-семинар: шет ел қәнигелериниң заманагөй методикасы үйретилмекте

20 декабрь 2023 йил
image

Усы жылдың 19-декабрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Республикалық билимлендириў орайы, Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы ҳәмде Нөкис Президент мектеби менен биргеликте улыӯма орта билим бериӯ мектеплеринде «Шет ел тәжирийбелерин ен жайдырыӯ он күнлиги» атамасында оқыӯ-семинарлар болып өтпекте.

Мине, усы мақсетте реже-график тийкарында нәӯбеттеги оқыӯ-семинар бүгин, 20-декабрь күни Шымбай районы 14-санлы улыўма билим бериў мектебинде Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Кегейли ҳәмде Бозатаў районы муғаллимлери ушын Президент мектебиниң шет ел оқытыўшылары менен биргеликте өткерилди.

Бул оқыӯ-семинардың тийкарғы мақсети – шет ел қәнигелериниң тәжирийбесин, олардың оқытыў методикасын улыўма орта билим бериў мектеплери муғаллимлери арасында кең ен жайдырыў ҳәм олардың кәсиплик шеберликлерин раўажландырыўдан ибарат. Себеби, заманагөй билимлендириў дүньядағы өзгерислерге бейимлесиўши, ҳәр қыйлы машқала ҳәм тосықларға таяр туратуғын профессионаллардың жаңа әўладын қәлиплестиреди ҳәмде оқыўшыларды тек әмелий көнликпелер менен емес, ал оларға бул арқалы бүгинги күнде зәрүр болған заманагөй методика арқалы билимлерин беккемлеп барады.

Оқыӯ-семинарда қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm