Янгиликлар
Ашық бюджет: Педагогикалық орайға интерактив доскалар алып келинди
19 декабрь 2023 йилӨзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги «Бюджет процесинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң «Ашық бюджет» порталы иске түсирилген еди.
Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының оқыў ханаларын ең соңғы заманагөй интерактив доскалар ҳəм басқа да оқытыў үскенелери менен тәмийинлеў мақсетинде, Қаржы министрлигиниң «Ашық бюджет» жойбарына қатнасып жеңимпаз болған еди. Нәтийжеде усы жойбар шеңберинде Педагогикалық орайға интерактив доскалар алып келинди.
«Анық ҳәм тәбийий пәнлер методикасы» кафедрасы аға оқытыўшысы Қ.Турманов АКТ ҳәм техникалық бөлим баслығы Ж.Дәлибаев профессор-оқытыўшылары ҳәм пән методистлерин интерактив доскалардың абзаллықлары ҳәм оның техникалық имканиятлары менен таныстырды.
Бул интерактив доскалар андроид ҳәм windows системасында ислейтуғын болып, олар оқыў процесинде сабақ нәтийжелигин арттырыўға жәрдем беретуғынлығы мысаллар арқалы түсиндирилди. Бунда профессор-оқытыўшылар өз қәнигелигинен келип шыққан ҳалда, видеосабақлар, интерактив шынығыўлар, интернет ресурслар, виртуал лабораториялардан пайдаланады.
Сондай-ақ, бул доскалардан жазыў тахтасы (жазыўлар, сызылмалар, графиклер сызыў) сыпатында да қолланылыўы мүмкин.