Янгиликлар
Оқыўшыларға берилген сабақлықларды ким қадағалап барыӯы керек?
16 декабрь 2023 йил
2014-жыл 28-апрельде "Улыўма билим бериў мектеплерин сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар менен тәмийинлеў тәртиби ҳакқында"ғы реже Әдиллик министрлигинен 2577-сан менен дизимнен өткерилген.
Бул режениң 9-бап, 95-бәнтине көре сабақлықлар есабының жүритилиўи, олардан пайдаланылыўы, сақланыўы, соның менен бирге оқыўшылар арасында сабақлықларды абайлап-асыраў сезимин раўажландырыўға қаратылған тәрбиялық жумыслар улыўма билим бериў мектеплериниң китапханашылары тәрепинен алып барылады.