Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

20 миллионға жақын ис ҳақы алып атырған муғаллим

11 декабрь 2023 йил
image

Оқытыўшылық – уллы ҳәм итибарлы кәсип. Маған жаслығымнан бул кәсип жүдә унайтуғын еди, себеби мен оқытыўшылар шаңарағында дүньяға келгенмен. Бул мениң ата кәсибим. Англичан тилине қызығыўшылығымның да себеби сол. Университетти айрықша баҳалар менен питкергенимнен соң, мен өзим оқыған мектепте өз жумысымды басладым. Мақсетим болса, өзимдеги бар билимди жас әӯладқа жеткерип бериӯ ҳәм бул мақсетиме еристим. Жумыс искерлигим даўамында көплеген жетискенликлерге еристим. Жумысымды баслаған жылы “Ең жақсы пән оқытыўшысы” көрик таңлаўында қатнасып, ең жоқары орынды ийеледим. Жыллар даўамында ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм илажларға қатнасып, көплеген сертификат ҳәм ҳүрмет жарлықларға ийе болдым. Атап айтқанда, «Халық аралық» ҳәм «миллий сертификат»тың С1 дәрежелерин қолға киритип, «жоқары категория»ға ийе болдым. Районымда тренер оқытыўшылар қатарынан орын алдым. 2021-жыл “LPA” Шет тиллерди үйрениўди ен жайдырыӯ агентлиги тәрепинен сертификат ҳәм дипломларды қолға киргиздим. Соның менен бирге, 2022-жылы Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Ӯзбекистон баркамоллик учун таълим дастури» атамасындағы семинарында оқып, сертификат ийесине айландым ҳәм сол бағдарлама шеңберинде алған билимлеримди районымыз оқытыўшыларына ен жайдырдым. Бир неше оқыўшыларым район, ўәлаят олимпиадаларында қатнасып, сыйлы орынларды ийеледи ҳәм бир неше оқыўшыларым Президент мектеплери ҳәм де қәнигелестирилген мектеплерге, жоқары оқыў орынларына қабыл етилди. Жақын 3 жылда көплеген оқыўшыларым IELTS ҳәм CEFR миллий сертификатларын қолға киргизди. Мениң нийетим, сырт елдиң профессионал педагоглар менен өткерилген конференция, семинарларға қатнасыў еди. Бул мақсетиме де еристим. Жақында Самарқанд ҳәм Ташкент қалаларында болып өткен “ESN” бағдарламасы тәрепинен шөлкемлестирилген “Silk Road Conference” конференсиясына қатнасып, сертификат ҳәм саӯғалар менен сыйлықландым. Ең қуӯанышлысы, сол жылы «Министр үстемеси» ийесине айландым. Бүгинги күнде 20 миллионға жақын айлық ис ҳақы алып атырман ҳәм мен буннан жүдә куӯанышлыман. Себеби, будай ис ҳақыға ийе болыӯым ҳеш қыялыма келмеген еди. Әлбетте, өз үстинде тымбай ислеп, кәсибин жақсы көрип, ҳәрекет етиӯден тоқтамай ислеген ҳәр бир оқытыўшы көп жетискенликлерге ериседи ҳәм соны айтып өтиӯ орынлы, буның түп тийкарында мәмлекетимиз басшысының оқытыўшы ҳәм оқыўшыларға итибары, исеними, устазларға ҳүрмети ҳәм оларға берилип атырған мүмкиншиликлери турыпты. Өз гезегинде биз оқытыўшылар бул имканиятлардан ҳәм исенимлерден өнимли пайдаланыўымыз керек. Мен Президентимизге, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министирлигине ҳәм жанкүйер устазларымызға терең миннетдаршылығымды билдиремен. Бул жолда тағы да излениӯге ҳәм шәкиртлеримди жоқары билимли, кәмил инсан болып жетилисиӯине ўәде беремен, -дейди Қашқадәрья ӯәлаяты Китап районындағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң инглис тили пәни оқытыўшысы Феруза МУҲАММАДИЙЕВА.      Дерек: https://telegra.ph/mm-12-11-2

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm