Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Мектеп директорының өзи де "директор фонды"нан материаллық жәрдем алыўға ҳақылы ма?

9 декабрь 2023 йил
image

Хызметкерлерге материаллық жәрдем мектеплерде директор фондынан бериледи. Материаллық жәрдем алыў ушын хызметкер сол мекемеде мийнет шәртнамасы тийкарында ислеўи ҳәм материаллық жәрдем алыў ушын тийкар болатуғын себеплер болыӯы керек.

Яғный, хызметкер мийнет демалысында, билимим жетилистириўде ямаса ўақтынша мийнетке жарамсызлығы дәўиринде болыўы оның материаллық жәрдем алыў ҳуқықын шеклемейди.

Бунда Министрлер Кабинетиниң 02.08.2022-жылдағы 425-санлы қарары менен Министрлер Кабинетиниң 30.09.2019-жылдағы 823-санлы қарары 33-бәнтине өзгертиў киритилген.

Оған көре, улыўма билим бериў мәкемелери хызметкерлерине материаллық жәрдем календарь жыл даўамында еки лаўазым ис ҳақысы (оқытыўшының тариф ставкасы) муғдарына шекем:

 •  хызметкердиң өзи ҳәм жақын ағайыны (әкеси, анасы, өмир жолдасы, перзенти) қайтыс болғанда;

 •  аӯыр кеселликке шалынғанда ;

 •  хызметкер тәбийий апаттан зиян көргенде көрсетиледи.

Қағыйданың мазмунына көре, хызметкер мектепте мийнет шәртнамасы тийкарында ислеп атырған дәўирде жоқарыдағы жағдайлар жүз берсе, директор фондында ақша жеткиликли болған тәғдирде хызметкер 2 лаўазым ис ҳақысы муғдарында материаллық жәрдем алыўға ҳақылы.

 ☝️Мине, сол қағыйдаға көре, хызметкер 1 календарь жылында жәми 2 лаўазым ис ҳақысына шекем материаллық жәрдем алыўы мүмкин. Бунда хызметкерге материаллық жәрдем бериў бойынша исши топар шешими тийкарында директор буйрық шығарады.

Егер медицинаның жуӯмағы бойынша хызметкердиң кеселлиги аӯыр екенлиги дәлилленген болса, онда хызметкер материаллық жәрдем алыўға ҳақылы. Соған көре сиздеги жағдайда да кеселлик аӯыр екенлиги медициналық жуӯмақта көрсетилген болса,  ол жағдайда материаллық жәрдем алыўыңыз мүмкин.

Бул режениң 34-бәнтинде “улыўма билим бериў мекемеси басшысына Фонд қаржылары есабынан материаллық хошаметлеў жоқары турыўшы шөлкем усынысы тийкарында берилиўи мүмкин” деген қағыйда болар еди.

 ❗️Бирақ, бул қағыйда Вм 425-санлы қарар менен бийкар етилген.

  Соған көре, жоқарыдағы тийкарлар болғанда, директор да материаллық жәрдем алыўға ҳақылы.

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm