Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Мектеп асханаларында қандай азық-аӯқат өнимлерин таярлаў ҳәм сатыў қадаған етиледи?

8 декабрь 2023 йил
image

Хот-дог, фастфуд, лаваш, гамбургер, «хрустяшки», чипс, энергетик ҳәм газли ишимликлер…

Бул бүгинги күнниң балалары, ҳәттеки, жаслар жақсы көрип пайдаланатуғын өнимлердиң киши бир дизими.

Бирақ бул жейтуғын затлар ҳәм ишимликлер олардың денсаўлығы ушын зыян. Сол себепли Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми оларды күнделикли тағамнан шығарыўды усыныс етеди. Қалаберди, бул түрдеги өнимлер елимиздеги улыўма билим бериў мәкемелеринде рухсат етилмейтуғын азық-аўқат ҳәм тағамлар дизимине киргизилген.

Соның ишинде, «Улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал билимлендириў мәкемелеринде оқыўшылардың аўқатланыўын шөлкемлестириўдиң санитариялық қағыйдалары, нормалары ҳәм гигиена нормативлери»не бола, төмендегилер мектеп асханаларында таярланыўы ҳәм сатылыўы мүмкин емес:

  • Гөш қосылған, майонез, кетчуп ҳәм арасына овощлар салынған нан өнимлери (гамбургер, чизбургер ҳәм хот-доглар).
  • Жасалма консервантлар болған «кириешки», «хрустяшки» ҳәм чипслер.
  • Реңли ҳәм реңсиз газленген ишимликлер.
  • Ветеринария қадағалаўынан өтпеген гөш, балық, қуслар; баўыр, тил ҳәм жүректен тысқары барлық бас-сыйрақ.
  • Сыртқы қабаты таза болмаған, цинган, зәрүр талапларға жуўап бермейтуғын мәйеклер.
  • Банклердиң герметиклиги бузылған, бомбажлы, тат басқан, түри өзгерген, ярлиги болмаған ҳәм ислеп шығарыў ўақты және жарамлылық мүддети белгиленбеген консервалар.
  • Түрли араласпалар менен ямаса қоймаханадағы зыянкеслер менен зыянланған жарма, ун, кептирилген мийўелер ҳәм басқа да өнимлер.
  • Кремли кондитер өнимлери (торт ҳәм мазалы затлар).
  • Холодец, қус ҳәм туяқлы ҳайўанлардың аяғынан таярланған ҳәм гелле гөшиниң рулетлери, өкпе-баўыр ҳәм қаннан таярланған колбасалар.
  • Пастеризацияланбаған (флягадағы) творог, термикалық қайта исленбеген, ыдыста сақланған творог ямаса қаймақ; қол қатық; эпизоотикалық қолайсыз хожалықлардан алынған, сондай-ақ, дәслепки қайта исленбеген ҳәм пастеризацияланбаған сүт ҳәм сүт өнимлери; қымыз ҳәм қурамында этанол болған (0,5 проценттен аслам) басқа да ашытылған сүтли өнимлер.
  • Замарықлар ҳәм олардан таярланған өнимлер.
  • Квас.
  • Қам қақланған гөшли гастрономиялық өнимлер ҳәм колбасалар, соның ишинде, қайнатылған колбаса.
  • Уксус, горчица, хрен, ашшы бурыш (қызыл, қара) ҳәм басқа да өткир приправалар.
  • Өткер дәм беретуғын соуслар, кетчуплер, майонез, консервалар, маринадланған овощ ҳәм мийўелер.
  • Тәбийғый кофе, тетиклендиретуғын ҳәм қуўатлылықты арттыратуғын энергетик ишимликлер, алкоголь.
  • Пәзенделик майлар, шошқа майы, маргарин ҳәм басқа да гидроген майлар.
  • Шанғалақлы мийўелердиң дәнеси, жвачка, мийўе ҳәм резаворлылардан таярланған салқын ишимликлер ҳәм морслар (термик қайта ислеў берилмеген).
  • Окрошка ҳәм суўық сорпалар, майда қуўырылған мәйек, паштет, гөш ҳәм твороглы қуймақлар.
  • Тез таярланатуғын кептирилген азық-аўқат концентратлары тийкарындағы биринши ҳәм екинши тағамлар мектеп асханаларында болыўы қадаған етиледи.
kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm