Янгиликлар
Шымбайда үш бақша пайдаланыӯға тапсырылды
7 декабрь 2023 йилСоңғы жылларда республикамызды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша үлкен мақсетлер белгиленип, ири қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Әсиресе, жаслардың билим алыўы, тәрбиясына баслы итибар қаратылып, тараўдағы жумыслардың нәтийжелилигине ерисиў, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң санын көбейтиў ҳәм сапасын арттырыў бағдарында бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди.
Келешегимиз болған балаларымыздың заман талабына сай билим алыӯлары ушын бүгинги күнде республикамызда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта. Мине, усындай кең көлемли жумыслар Шымбай районында әмелге асырылды. Байрам қарсаңында, Шымбай районында үш орында заманагөй мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкемлери пайдаланыӯға тапсырылды.
Атап айтқанда:
райондағы “Көкши қала” макан пуқаралар жыйыны аймағынан Наўайы ўәлаяты қәўендерлигинде 120 орынлы 36-санлы МШБШ;
“Оржап” МПЖ аймағынан “Абат мәҳәлле, абат аўыл” дәстүри тийкарында 90 орынлы 34-санлы МШБШ,
“Темир жол гузары” МПЖ аймағынан жергиликли бюджет есабынан 100 орынлы 30-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери пайдаланыўға тапсырылды.
Мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкемлериниң салтанатлы ашылыӯ мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г.Кожабаева ҳәм район ҳәкими А.Тажетдиновлар қатнасып, мәҳәлле халқын қутлықлады ҳәм бул бағдардағы жумыслар еле даўам ететуғынлығын атап өтти.
Жыйналғанлар бақшадада жаратылған шараятлар менен танысты.