Янгиликлар
РЕСПУБЛИКАЛЫҚ ПӘНЛЕР ОЛИМПИАДАСЫ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
7 декабрь 2023 йилθзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-сентябрьдеги “Қәбилетли оқыўшылар арасында пән олимпиадаларын өткериў системасын жетилистириў ҳәмде шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектепти анықлаў системасын енгизиў ҳаққында”ғы 562-санлы қарарына муўапық, пән олимпиада жеңимпазларын хошаметлеўдиң жаңа системасы енгизилген.
Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгин, 7-декабрь күни 2-топар республикалық пәнлери олимпиадасы III басқышында жеңимпаз болған оқыўшы ҳәм оқыўшылардың муғаллимлерин ҳәмде оқыўшылардың жумысларын әдалатлы баҳалағаны ушын тәжирийбели муғаллимлерди сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң биринши орынбасары А.Даулетбаев ҳәм Республикалық билимлендириў орайы директоры Қ.Жубановлар қатнасып, қутлықлады ҳәм оқыўшылардың жумысларын әдалатлы баҳалағаны ушын 61 тәжирийбели муғаллим оқытыўшылар Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм пуллы сыйлықлары менен сыйлықланды.
Күнниң екинши ярымында пайтахтымыздағы Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында пән олимпиадасының III Қарақалпақстан Республикалық басқышында жеңимпаз болған оқыўшыларды ҳәмде оқыўшылардың устазларын сыйлықлаӯ мәресими өткерилди.
Бунда 11 пән бағдары бойынша 9-класларда 599, 10-класларда 632, 11-класларда 604 оқыўшыдан жәми 1835 оқыўшы қатнасып, соннан пәнлер кесиминде ҳәр бир класта 9 жеңимпаздан жәми 99 оқыўшы жеңимпаз болды.
Соны да айтып өтиӯ орынлы, пәнлер олимпиадасының республикалық басқышында жеңимпаз оқыўшыларға базалық есаплаў муғдарының төмендеги муғдарларда бир мәртелик пул сыйлықлары менен сыйлықланыўы белгилеп қойылған:
1-орын ушын — 1980 000 (бир миллион тоғыз жүз сексен мың) сом;
2-орын ушын — 1 320 000 (бир миллион үш жүз жигирма мың) сом;
3-орын ушын — 990 000 (тоғыз жүз тоқсан мың) сом.
Буннан кейин жыйналғанларға республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.