Янгиликлар
Қандай шахслардың мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкемлеринде жумысқа алыныӯы қадаған етиледи?
6 декабрь 2023 йил"Мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия ҳаққында»ғы Нызамның (https://lex.uz/docs/-4646908), 44-статьясында:
Адамлар менен сөйлеӯ мәденияты жағынан уқыпсыз ямаса мәмиле уқыбы шекленген деп табылған, педагогикалық жумыс пенен шуғылланыӯға тосқынлық ететуғын кеселликлери ямаса физикалық кемшиликлери бар болған шахслар, соның менен бирге билқастан жынаятлар ислегенлиги ушын илгери ҳүким етилген шахслар мектепке шекемги билимлендириӯ шөлкемлеринде педагогикалық жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес.
Илгери өзиниң айыплы ҳәрекетлери себепли мийнет шәртнамасы бийкар етилген шахслар, соның менен бирге қолланылған жаза шарасынан, судланғанлығы жағдайы тамамланғанлығынан ямаса алып тасланғанлығынан ҳәмде өзине амнистия ямаса әпиӯ етиў акти қолланылғанлығына қарамастан, билқастан ислеген жынаятлары ушын илгери ҳүким етилген, жынаят ислери айыплылығы ҳаққындағы мәселе шешилмеген ҳалда жуӯмақланған жынаятлар ислеген шахслар мектепке шекемги билимлендириӯ ҳәм тәрбия системасы шөлкемлеринде ҳәм де шөлкемлериниң басшылық лаўазымларына тайынланыўы мүмкин емес.
Нызамда мектепге шекем билимлендириӯ ҳәм тәрбия системасында мийнет искерлигин әмелге асырыўға тийисли басқа шеклеўлер де белгилениўи мүмкин.
Жоқарыда келтирилген дереклер бар болған хызметкерлердиң жумысқа алыныўы қадаған етиледи. Буған себеп, олар баланың тәлим-тәрбия алыў процесине унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.