Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Педагог кадрларға қәнигелик категориясын бериӯдиң жаңа системасы тәжирийбе-сынаӯдан өткерилмекте

6 декабрь 2023 йил
image

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириӯ министрлиги тәрепинен педагог кадрларға қәнигелик категориясын бериӯдиң жаңа системасы тәжирийбе-сынаӯдан өткерилмекте.

Тест процеси Қараөзек районындағы 26-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектебинде болып өтпекте. Онда жәми 122 педагог кадрлар қатнаспақта.

Өткерилип атырған тәжирийбе-сынаӯ жумысларының тийкарғы мақсети – тәжирийбе сынаӯдан өткерилип атырған материаллардың форматы, баҳалаў критериялары, сораўлар саны,  тапсырмалар түри, ўақыт нормалары ҳәмде тағы басқа зәрүрли тәреплерин және де жетилистириў, анықланған кемшиликлер тийкарында қәнигелик тест процесслерин сапалы шөлкемлестириўден ибарат. 

Бул процесслерде қатнасқан педагоглардың топлаған нәтийжелери олардың қәнигелик категориясына ямаса лаўазымға ылайықлығы мәселесине тәсир етпейди. Бул нәтийжелер тест тапсырмаларын және де жетилистириў ҳәм анализ етиўде пайдаланылады.

Мағлыӯмат ушын: Бул жаңа система сырт ел мәмлекетлер, атап айтқанда Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм Сингапур сыяқлы мәмлекетликлер тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылды.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm