Янгиликлар
Ержетпеген балаларды түнги ўақытта компьютер ойынлар ойнаўына имканият жаратқан шахсларға қандай жуўапкершилик бар?
3 декабрь 2023 йилҲәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 188 прим 2-статьясына тийкар, ресторанлар, кафелер, барлар, клублар, дискотекалар, кинотеатрлар, компьютер заллары, интернет тармағынан пайдаланыў хызметлерин көрсетиў ушын үскенеленген ханалар яки басқа кеўил ашар (дем алыў) орынларының басшылары яки басқа жуўапкер шахслары тәрепинен ержетпеген шахстың түнги ўақытта ата-анасынан бири яки оның орнын басыўшы шахстың гүзетиўисиз көрсетилген орынларда болыўына жол қойыў - базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен 15 есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады. (https://lex.uz/acts/-97664)