Янгиликлар
Ҳәкимлер мектеплердеги пән оқытыўшылары менен ушырасыӯ өткерди
3 декабрь 2023 йилБүгинги күнде билимлендириў мәкемелеринде әмелге асырылып атырған реформаларды иске асырыўда оқыў-тәрбия процессинде өзлериниң билими, ис тәжирийбеси ҳәм инсаныйлық пазыйлетлери менен көзге түскен оқытыўшылардың абыройын көтериў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге айрықша итибар қаратылып киятыр.
θзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 3-февральдағы Ф-22-санлы бийлигинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, республикамыздың барлық район(қала)ларында улыўма орта билим бериў мектеплериниң математика ҳәм физика пәни оқытыўшыларының ҳәкимлер менен ушырасыўы өткерилди.
Ушырасыўда ҳәкимлери шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар менен бирге оқытыўшыларға жаратылып атырған имканиятлар туўралы айтып өтти.
Сондай-ақ, ертеңги келешегимиз болған жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик, заманагөй билимге ийе, жоқары мәдениятлы ҳәм өз Ўатанының ҳақыйқый перзенти етип тәрбиялаўда тараў хызметкерлериниң өз билимин, күш ҳәм жигерин аямай жумсайды деп беккем исеним билдирип өтти.
Буннан соң, улыўма орта билим бериў мектеплериниң математика ҳәм физика пәни оқытыўшылары ушын тренерлер тәрепинен билимлендириў тараўындағы соңғы жаңалықлар менен таныстырып өтти.