Янгиликлар
Қайсы категориядағы педагогларға хызмет үйлери берилиўи керек?
2 декабрь 2023 йилМинистрлер Кабинетиниң 2021-жыл 15-октябрдеги 646-санлы қарары менен тастыйықланған Режениң 26-бәнтине тийкар (https://lex.uz/docs/5679889) Қарақалпақстан Республикасы Министлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басқа аймақтан билим дәрежеси жоқары болмаған мектеплерге тартылған жоқары ҳәм биринши категориядағы оқытыўшы-педагогларға мүнәсип шәраятлар жаратыў ушын оларды барған аймақта үй-жайы болмаған тағдирде, тийисли район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен искерлик алып барған дәўирге, бирақ 2 жылдан артық болмаған мүддет даўамында хызмет үй-жайлары яки район (қала)лар жергиликли бюджет қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарында ҳәр айлық пул компенсациясы берилиўин тәмийинлейди.