Янгиликлар
Муғаллимлер өз классларында пуллы репетиторлық пенен шуғылланыӯға ҳақылы ма? Нызамшылық буған не дейди?
2 декабрь 2023 йил
❌ Яқ, муғаллимлер классларда өзлери жеке репетирорлық ете алмайды.
Бул жағдайда муғаллим 2 түрли жол тутыўы мүмкин. Репетитор ретинде шәртнама тастыйықлайды ямаса сол курсты мектеп шөлкемлестиретуғын усылды таңлайды.
1. Биринши жағдайда 3 тәреплеме ижара шәртнамасын имзалайды. Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 8-апрельдеги 102-санлы қарарына қосымшада тастыйықланған Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы режениң 17-бантине көре, Ижара шәртнамасы ижараға бериӯши, ижараға алыўшы ҳәм баланста сақлаўшы ортасында дүзиледи.
Бунда ижараға бериӯши — Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик бәсеки комитети, θзбекстан Республикасы Мәмлекет бәсеки комитетиниң ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлық басқармалары жанындағы Мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайлары;
Ижарга алыўшы — репетитор яғный муғаллим.
Баланста сақлаўшы — мектеп есапланады. Мектеп өзине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында берилген имаратты тек белгиленген мақсетлерде ғана пайдаланыўға ҳақылы. Егер мектеп имаратты ямаса оның бир бөлегин ижараға берсе, ол жағдайда әлбетте аймақлық ижара орайлары менен 3 тәреплеме шәртнама тастыйықланыӯы шәрт.
Биринши усылда жумыс алып барыў ушын муғаллим Жеке тәртиптеги исбилерменлик ашыўы ямаса өзин-өзи бәнт еткен пуқара ретинде дизимнен өтиўи мүмкин.
2-усыл. Министрлер Кабинетиниң 2019 -жыл 22-апрельдеги 343-санлы қарарына қосымшада тастыйықланған «θзбекстан Республикасы Халық билимлендириӯ министрлиги системасындағы улыўма орта билим бериў мәкемелеринде пуллы билим бериӯ хызметлерин көрсетиў тәртиби ҳаққында»ғы Режеге мектеплерде шөлкемлестирилетуғын қосымша билим бериӯге қаратылған пуллық билим бериӯ хызметлерин мектеплердиң оқыў бағдарламаларында нәзерде тутылмаған (мәмлекет тәлим стандартларынан тысқары ) сабақ-шынығыўлар бойынша мектеп директоры ҳәм оқыўшылардың ата-анасы ямаса олардың орнын басыӯшы шахслар ортасында дүзилетуғын шәртнама тийкарында көрсетиледи.
Соның менен бирге, режениң 8-бәнтине көре буйыртпашылар тәрепинен келип түсетуғын қаржылар (бирақ 50 пайыздан кем болмаған муғдары) муғаллимлерге ис ҳақы төлеӯге бағдарланыӯы мүмкин. Бунда нызамшылықта белгиленген салықлар ҳәм жыйымлар усы қаржыдан услап қалынады.