Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Қандай жағдайларда баланың бағшасына төленген пул кейинги айға өткериледи?

1 декабрь 2023 йил
image

 Төмендеги жағдайларда бала бағшаға избе-из 3 күннен артық бармаған ўақты ушын төленген пул кейинги айларда төлеўде есапқа алынады:

-баланың яки шаңарақ ағзаларының кеселлиги себепли;

-карантин жағдайы себепли;

-ата-аналардан бириниң жумыстан (оқыўдан) бос ўақты дәўиринде ямаса басқа себеплерге көре.

Бунда баланың келмеген күнлери саны бир күнлик төлем суммасына көбейтиў арқалы есапланып, усы сумма кейинги айдағы төлем суммасынан алып тасланады

Баланың бағшаға бармаған күнлери ушын төлемди кейинги айға өткериў ушын төмендеги ҳүжжетлер тийкар болады:

баланың яки шаңарақ ағзаларының кеселлиги ямаса карантин жағдайы себеп болса - тийисли медицина мәкемесиниң ямаса участка шыпакериниң мағлыўматнамасы;

ата-аналардан бириниң жумыстан (оқыўдан) бос ўақты дәўиринде ямаса басқа себеплер болса - ата-анасынан бириниң бағша директоры атына алдын ала жазған арзасы.

Бала бир жылда көби менен 60 күннен артық болмаған мүддетке шекем бағшаға келмеўине руқсат бериледи.

Басқа барлық жағдайларда баланың бағшаға бармаған күнлери ушын төлем өндириледи.  https://t.me/xaliq_ushin/2454

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm