Янгиликлар
ДИРЕКТОРЛАР МЕНЕН АШЫҚ СӘЎБЕТ ӨТКЕРИЛДИ
17 ноябрь 2023 йилСоңғы жыллары елимизде халқымыз арасында ушырасып атырған машқалаларды унамлы шешиў ушын инсан қәдири принципи тийкарында бир қанша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтатуғын болсақ, тараў хызметкерлерине ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў олар менен ашық-айдын сәўбетлесиў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен ашық сәўбетлер өткерилип келинбекте.
Усындай ашық-сәўбет Беруний районында мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм мектеп директорлары менен өткерилди.
Ашық-сәўбеттти Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г.Кожабаева алып барды.
Онда билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар, мектепке шекемги шөлкемлерде ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде топланып қалған машқалалар, усыныслар, билимлендириў мәкемелериниң Мақсетли көрсеткишлерин белгилеп алыў мақсетинде өткерилди. Мәжилисте директорлардың да пикир усыныслары тыңланды.
Соны да айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г.Кожабаева директорларға шет ел грантларына қатнасыў ҳәм оны қалайынша утып алыў кереклиги бойынша кең түрде түсиник берип өтти. Буннан соң мектеп директорлары өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда тараўды раўажландырыў ҳәм бар болған машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.