Янгиликлар
Оқыўшы сабаққа келмесе ким жуўапкер?
21 ноябрь 2023 йил❓Себепсиз сабаққа келмеген оқыўшылар ушын мектеп басшыларына, оларды жибермеген ата-аналарына ҳәм оқыўшысы сабаққа келмеген класс басшыларына қандай шара көриледи?
1⃣ Ата-аналарға ҳәкимшилик жуўапкершилик шарасы қолланылады.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 47-статьясына муўапық, ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар тәрепинен жас өспирим балаларды тәрбиялаў ҳәм оларға тәлим бериў бойынша миннетлемелерди орынламаў, жас өспирим балалардың ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық жүз бериўине алып келеди:
— базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен 5 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
☝️Сонлықтан баласын мектепке жибермеген ата-аналарға жоқарыдағы статья менен жәрийма қолланылады.
2⃣ Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң 27.06.2023-жылдағы 190-санлы буйрығы менен тастыйықланған улыўма орта билим бериў мекемеси класс басшысының ис-режесине муўапық, класс басшысы класстағы қатнас(давомат)ты қадағалаўы, бул туўралы ата-аналар менен байланысып, оқыўшының сабаққа келмегенлиги бойынша себеплерин анықлаўы ҳәм мектеп администрациясына мәлимлеме киргизиўи керек.
Бул буйрықтың 1-қосымшасы ҳәм де Халық билимлендириў министрлигиниң 01.07.2021-жыл 206-санлы буйрығына тийкарланып, руўхый ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарның лаўазым миннетлемелеринен бири, бул класс басшыларының жумысын шөлкемлестириў, оқыўшылардың қатнас(давомат)ларын қадағалаў болып есапланады.
❗️Усыған муўапық, егер класс басшысы жоқарыдағы миннетлемени орынламаса, онда класс басшысына Мийнет Кодексиниң 312-статьясына тийкарланып, интизамий жаза шарасы қолланылады.
Бирақ, класс басшысы қатнас (давомат) мәселесинде өз миннетлемесин орынласа, бул жуўапкершилик руўхый ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарына қолланылады.
Мийнет Кодексиниң 312-статьясына муўапық, хызметкерге мийнет тәртибин бузғанлығы ушын жумыс бериўши төмендеги интизамий жаза шараларын қолланыўға ҳақылы:
1) сөгис;
2) орташа айлық ис ҳақысының 30% дан артық болмаған муғдарда жәрийма;
3) мийнет шәртнамасын бийкарлаў (100-статья екинши бөлиминиң 3 ҳәм 4-бәнтлери).
☝️Бул Кодекстиң 313-статясына көре, жоқарыдағы жаза түрлери тек оны қолланыўға ўәкиллиги болған шахслар тәрепинен берилиўи мүмкин. Хызметкерге интизамий жаза шарасын қолланыўға жумыс бериўши ҳақылы. Дерек: https://t.me/Yurist_Xizmati/9109