Янгиликлар
Министрлик «Гендер теңлиги белсендиси» миллий таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында номинация жеңимпазы болды
20 ноябрь 2023 йилУсы жыл 20-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында «Жыл ҳаялы» ҳәм «Гендер теңлиги белсендиси» миллий таңлаўлары Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова шығып сөйлеп, елимизде шаңарақ институтын беккемлеў, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Жәмийетте ҳәм турмыста белсенди ҳаял-қызларды анықлаў, олардың алдыңғы тәжирийбелерин кең жәмийетшиликке жеткериў, басқаларға өрнек етип көрсетиў, шаңарақта ҳәм перзент тәрбиясында басқаларға өрнек болып киятырған ҳаял-қызларды мүнәсип хошаметлеў бағдарында ҳәр жылы өткерилип киятырған «Жыл ҳаялы» ҳәм «Гендер теңлиги белсендиси» миллий таңлаўлары буның айқын мысалы болып табылады.
Ҳәр бир шөлкемде гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған сиясатты қәлиплестириў, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклердиң тең ҳуқық ҳәмде нызамлы мәплерин тәмийинлеў мақсетинде өткерилген «Гендер теңлик белсендиси» миллий таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында «Гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди аймақлық мәмлекетлик шөлкеми» номинациясына Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемгм ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ылайық деп табылды ҳәм Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.
Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.