Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Басқа бир пән оқытыўшы англичан тилинен сертификат алса, оған да үстеме төленеме?

20 ноябрь 2023 йил
image

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-майдағы ПФ-134-санлы пәрманына муўапық, 2022-жыл 1-сентябрьден баслап халық аралық тән алынған сертификатқа ийе болған педагог кадрларға олардың тариф ставкасына 50 процент муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төлеп бериў системасы жолға қойылды.

Жоқарыдағы пәрманда болса өзи сабақ беретуғын пәни бойынша тийисли дәрежедеги сертификатқа ийе болған педагог кадрлар нәзерде тутылған.

Яғный, пән оқытыўшы өзи сабақ бермейтуғын басқа бир пән бойынша халық аралық сертификатқа ийе болған жағдайда оларға бул үстемелер төлеп берилмейди.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm