Янгиликлар
Мектеп оқыўшысының шашы узынлығына қойылатуғын талап барма?
19 ноябрь 2023 йил✅ Әлбетте бар. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 15.08.2018 жылдағы 666-санлы қарарына ( https://lex.uz/ru/docs/3866498) тийкар, ул бала оқыўшылардың билимлендириў мәкемесине денесиниң ашық бөлегине татуировка түсирген, сақал қойған, шашы 2-3 сантиметрден узын болған ҳәм ашық реңлерге боялған ҳалда келиўлерине;
қыз бала оқыўшылардың билимлендириў мәкемелерине денесиниң ашық бөлегине татуировка түсирген, шашын ашық реңлерге бояған, жүзин көзге тасланатуғын дәрежеде макияж қылған, қулағына бир данадан артық сырға таққан, қол тырнақларын бояған ҳәм узын қылып өстирген ҳалда келиўлерине жол қойылмайды.