Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Баслаўыш класс муғаллимине шемби күни жумысқа келиўи мәжбүрий ме?

19 ноябрь 2023 йил
image

   

1-4-класслар ушын оқыў ҳәптениң даўам етиў ўақты педагогикалық кеңестиң шешимине көре 5 күн етип белгилениўи мүмкин.

Усының себепинен баслаўыш класс оқыўшыларына ҳәптениң шемби күни оқыў күни есапланбайды.

Әмелдеги Мийнет Кодексиниң 181-статьясына көре, хызметкер жумыс тәртиби, графиги ямаса Мийнет шәртнамасы шәртлерине муўапық, өз мийнет ўазыйпаларын орынлаўы керек болған ўақыт жумыс ўақты есапланады.

Мектепте сабақлар болмаған ўақытларда хызметкерлер педагогикалық жүклемесинде белгилеп берилген жумысларды әмелге асырады ямаса мектеп администрациясы тәрепинен берилген тапсырмаларды орынлайды. Әмелдеги Мийнет Кодексиниң 253-статьясына муўапық, жумыс бериўши хызметкерге атқарған жумысы ушын ис ҳақы төлейди. Атқарылмаған жумыс ушын болса мийнет ҳақы төленбейди.

Бундай жағдайлар әмелдеги нызамшылық шеңберинде билимлендириў мекемеси кәсиплик аўқамы менен келискен ҳалда рәсмийлестириледи.

 ❗️Хызметкер жумыс орнына келмеген жағдайда табельге киритилмейди ҳәм ис ҳақы төленбейди. Жоқарыдағылардан келип шығып, шемби баслаўыш класс муғаллимлерине жумыс күни есапланады. Тек баслаўыш класс оқыўшылары дем алады.

Дерек:  https://t.me/yuristlar_maslahati/3982

 

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm