Янгиликлар
Билимлендириў тараўындағы машқалалар тыңланды
18 ноябрь 2023 йилСоңғы жыллары елимизде халқымыз арасында ушырасып атырған машқалаларды унамлы шешиў ушын инсан қәдири принципи тийкарында бир қанша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтатуғын болсақ, пуқаралардың ҳуқықый мәплерин қорғаў ҳәм оларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен көшпели қабыллаўлар өткерилип келинбекте.
Усындай қабыллаўлардың бири бүгин, 18-ноябрь күни Нөкис ҳәм Әмиўдәрья районларында өткерилди.
Орынларда көшпели қабыллаўлар билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформаларға орынлардағы кең жәмийетшиликтиң мүнәсибетин үйрениў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын орынларда шешиў, мектепке шекемги шөлкемлерде ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде топланып қалған машқалалар, мүрәжатлар ҳәм усыныслар, билимлендириў мәкемелериниң Мақсетли көрсеткишлерин белгилеп алыў, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсият жумысларының әмелге асырылыўы ҳәмде пуқаралардың мүрәжатларына шешим табыў мақсетинде өткерилмекте.
Алдын хабар бергенимиздей, Нөкис районында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Кожабаева Гулистан Таласбаевнаның басшылығында райондағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ҳәм Әмиўдәря районында болса, Министриниң биринши орынбасары Даулетбаев Ойбек Умирбековичтиң басшылығында райондағы 82-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилди.
Көшпели қабыллаўға район(қала) аймағында жасаўшы пуқаралар, педагог хызметкерлер, тараў басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Көшпели қабыллаўда аймақ турғынларының машқаласы ҳәм мектепке шекемги шөлкемлерде ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплеринде топланып қалған машқалалар, мүрәжатлар ҳәм усыныслар, оларды инвентарлар менен тәмийинлеў, билимлендириў мәкемелеринде қурылыс-оңлаў жумыслары, класс комплектлери, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәмде мектеп директорларының да мүрәжатлары тыңланды.
Сондай-ақ, мүрәжатшылардың мүрәжатлары усы жердиң өзинде үйренип шығылып, пуқаралардың басқа да машқалалары бойынша берген сораўларына тийисли ҳуқықый түсиниклер берилди. Ал, айырым мүрәжатлар тийисли тәртипте көрип шығылып, орынланыўы қадағалаўға алынды ҳәм тийисли тараў басшыларына анық тапсырмалар берилди.
Соны да айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Г.Кожабаева директорларға шет ел грантларына қатнасыў ҳәм оны қалайынша утып алыў кереклиги бойынша кең түрде түсиник берип өтти. Буннан соң мектеп директорлары өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Ашық-айдын пикирлесиў түринде болып өткен ушырасыўда тараўды раўажландырыў ҳәм бар болған машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
θткерилип атырған қабыллаўлар даўамында пуқаралардың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар унамлы шешимин табыўы бул ийгиликли ислер олардың абадан турмысын тәмийинлеўге, бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет ететуғыны менен де әҳмийетли.
Бундай көшпели қабыллаўлар республикамыздың басқада район(қала)ларында реже-график тийкарында даўам етеди.