Сайт тест режимида ишламоқда

Янгиликлар

.

Муғаллим оқыўшының мобиль телефонын алып қойыўға ҳақылы ма?

15 ноябрь 2023 йил
image

Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 21-майдағы 139-санлы қарары менен "θзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелеринде мобиль телефонлардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында"ғы Реже тастыйықланған болып, Режеге муўапық, билимлендириў мәкемелеринде өткерилетуғын оқыў шынығыўлары ҳәм илажлар басланыўынан алдын билим алыўшылар телефонын өширип қойыўы ҳәм де сумкасына салып қойыўы шәрт.

❗️Билим алыўшыларға сабақ ўақтында телефоннан пайдаланыў үзил-кесил қадаған етиледи:

 — телефон арқалы сөйлесиў ҳәм де СМС (ММС) ҳәм басқа түрдеги хабарларды жибериў;

— телефонды стол үстине қойыў;

— музыка тыңлаў;

— сүўрет ҳәм видео көринислерди көрсетиўде телефоннан пайдаланыў, суўрет көриў, диктофон, калькулятор, календарь, блокнот, дәптерше ретинде пайдаланыў;

— сүўретке алыў ҳәм видеоға түсириў;

— телефон арқалы басқа хызметлерден пайдаланыў.

 ✏️Бул талаплар бузылған жағдайда билимлендириў шөлкеминиң ҳәр қандай педагог хызметкери билим алыўшыдан телефонды алып қойыў, билдириў хатын рәсмийлестириў және оны телефон менен бирге билимлендириў мәкемесиниң директорына ямаса директор орынбасарына, кейиншелли оны ата-аналарға бериў ҳуқықына ийе

 ❗️Яғный, оқыўшылардың мектеп аймағына телефон менен келиўине рухсат берилген. Бул қағыйдаға муўапық, Телефонның сақланыўы ушын тек оның ийеси (ата-аналар) жуўап береди. Егер оқыўшы билимлендириў мәкемесинде мобиль телефоннан пайдаланыў тәртибин бузған болса, муғаллим оның телефонын алып қойыўы мүмкин. Бирақ оны қайтарып бермеўге ҳақысы жоқ. Бунда тәртипти бузғанлығы бойынша билдириў рәсмийлестиреди ҳәм оны телефон менен бирге мектеп директорына яки директор орынбасарына, кейиншелик ата-анасына бериледи ҳәмде талаплар бузылғанлығы ҳалатлары ҳаққында ескертиледи. 

Еслетпе: Билимлендириў мәкемесинде билим алыўшыларға сабақ ҳәм илажлар аралығында тек себепли ҳәм кешиктириб болмайтуғын зәрүр жағдайларда ғана ата-анасы, жақын ағайын-туўысқанлары, билимлендириў мәкемелериниң басшылары ямаса хызметкерлери менен қысталы түрде байланысыў мақсетинде телефонлардан пайдаланыўға рухсат етиледи.

kor_kxtv@xtv.uz
@QRmshmb
@kkeduuz
/qrmshbm